Бул ҳапққында Президент басшылығында мәҳәллелерде кәмбағаллықты қысқартыў бойынша исленген жумыслардың есап-санағы ҳәм 2025-жыл ушын әҳмийетли ўазыйпаларға бағышлап өткерилип атырған видеоселектор мәжилисинде атап өтилди.

Халық банкиниң басламасы менен Азия раўажланыў банкиниң қаржы ғалабалық бағдарламасы шеңберинде 50 миллион сумға шекем артықша ҳүжжет ҳәм гиреўсиз кредит берилмекте. Бул басламаны қоллап-қуўатлап, Азия раўажланыў банки бағдарламаға 150 миллион доллар ажыратыўға таяр.

Усы үлги тийкарында келеси жылы 9 мәмлекетлик банкке сырттан 1 миллиард доллар кредит тартып, 250 мың адамды дәраматлы етиў усыныс етилди.

ӨзА