Өзбекстанда авиа, темир жол ҳәм автобус билетлерин алыў имканиятын беретуғын бирден-бир онлайн платформа иске қосылады

308

Министрлер Кабинетиниң быйылғы жылдың 7-декабрь айында «Туризм тараўын санластырыў ҳәм туристлик хызметлерди бирден-бир платформаға бирлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, 2025-жыл 1-сентябрьден баслап Миллий туризм бирден-бир платформасы сынаў түринде, 2025-жыл 1-декабрьден болса толық иске қосылады.

Бул  платформа төмендегилерди әмелге асырыў имканиятын береди. Туристлерге жайластырыў қуралларын онлайн бәнт етиў ҳәм туристлер тәрепинен баҳалаў, республикадағы туроператорлар ҳәм турагентлердиң хызметлери,  соның ишинде, туристлерге гид, гид-аўдарамашы, инструктор-жол баслаўшы, экскурсия жетекшилери хызметлеринен пайдаланыў,  жөнелиссиз такси ҳәм автотранспорт қуралларының ижарасы хызметлеринен пайдаланыў имканиятын береди.

Автобус, авиа ҳәм темир жол билетлери, мәдений мийрас объектлери, музейлер ҳәм басқа  дыққатқа ылайық орынларға кириў билетлерин сатып алыў, халықаралық  ҳәм миллий төлеў хызметлери арқалы туристлик хызметлер ушын төлемлерди әмелге асырыў, туризм тараўына байланыслы статистикалық есабатларды  жүргизиў ҳәм реал ўақыт режиминде таллаў имканиятын береди.

Платформа мағлыўматларының 14 шет тилине  аўдармасы тәмийинленип барылады. Транспорт министрлиги менен биргеликте «Өзтранс» бирден- бир интерактив  мәлимлеме системасы, сондай-ақ, «Өзбекстан темир жоллары», «Uzbekistan Airways» ҳәм басқа жолаўшы тасыў лицензиясына ийе шөлкемлердиң электрон билетлерин сатып алыў системалары интеграцияланады.

Ш.Маматуропова, ӨзА