Брюссель қаласында «Өзбекстан -Европа аўқамы» аналитикалық орайлары форумы болып өтти

257

Өзбекстан  ҳәм Европаның жетекши аналитикалық орайлары, соның ишинде, «Раўажланыў стратегиясы» орайы ҳәм мәмлекетимиздиң Бельгиядағы елшиханасы менен биргеликте Брюссель қаласында «Өзбекстан –Европа Аўқамы» форумы болып өтти.

Форумда Олий Мажлис Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев кирис сөзи менен қатнасты. Илаж даўамында аналитикалық орайлар экспертлери тәрепинен Европа Аўқамының Өзбекстан ҳәм Орайлық Азия менен қатнасықлары көрип шығылып, бирге ислесиўдиң тийкарғы тәреплери, атап айтқанда, регионда еки ҳәм көп тәреплеме қатнасықларды беккемлеў перспективалары додаланды.

Экспертлер  тәрепинен Европа Аўқамы ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери арасында экономикалық интеграция ҳәм саўданы беккемлеў имканиятлары ҳәм Өзбекстан менен өз-ара  бирге ислесиў динамикасында айрықша итибар қаратылды, делинеди «Раўажланыў стратегиясы» орайының мағлыўматында.

Сондай-ақ,  регионның глобал экономикалық ҳәм сиясий процесслериндеги стратегиялық роли, соның ишинде, транспорт ҳәм энерегетика жолларының тәсири, турақлы  инфраструктураны раўажландырыў, «жасыл» өтиў ҳәм санластырыўды қоллап-қуўатлаў  мәселелери көрип шығылды. Қатнасыўшылар Европа Аўқамы ҳәм регион мәмлекетлери арасында өз-ара исеним ҳәм стратегиялық қарым-қатнасты беккемлеў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Сөйлесиўлерде Европа Аўқамы ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери ушын жаңа имканиятлар жаратыўға жәрдем беретуғын турақлы раўажланыў, билимлендириў ҳәм мәдений алмасыў тараўында биргеликтеги басламалар, регионаллық турақлылық ҳәм қәўипсизлик, трансшегаралық қәўиплерге қарсы гүресиўде бирге ислесиў мәселелери ҳаққында сөз болды.

Форум шеңберинде, соның ишинде, Өзбекстанның аналитикалық орайлары делегациясы ўәкиллериниң  Брюссель қаласында Патшалық халықаралық қатнасықлар институты (EGMONT) бас директоры Пол Де Витто менен ушырасыўы шөлкемлестирилди.  Онда Өзбекстанда әмелге асырылып атырған  реформалар, атап айтқанда, «Өзбекстан-2030» стратегиясының мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети ҳаққында мағлыўмат берилди.

Өз гезегинде EGMONT институтының бас директоры Пол Де Витто мәмлекетимизде жүз берип атырған  социаллық-экономикалық модернизациялаў процесслери, сондай-ақ, мәмлекетимиздиң регионда турақлылықты беккемлеўге хызмет етип атырған прагматикалық ҳәм конструктивлик сыртқы сиясатты жоқары баҳалады.

Қызғын руўхта өткен ушырасыўда Өзбекстан аналитикалық орайлары ҳәм EGMONT институты  арасында бирге ислесиў қатнасықларын және де раўажландырыў, биргеликте усыныслар ислеп шығыў, әмелде енгизиў мәселелери бойынша пикир алысылды.

А.Рустамов, ӨзА