Қазақстанның пайтахты Астана қаласы Орайлық Азия мәмлекетлериниң ишинде бириншилерден болып «Турақлы қалалар ҳәм жәмәәтлер – қала хызметлери ҳәм турмыс сапасы көрсеткишлери» ISO стандарты бойынша халықаралық сертификат алды. Бул ҳаққында “Astana TV” хабар тарқатты.
Пайтахт ҳәкимлигиниң мәлим етиўинше, бул халықаралық сертификат Астананың турақлы қала раўажланыўы тараўында дүнья жетекшилеринен бири екенин тастыйықлайды.
Ҳүжжетке дүньядағы бирден-бир сертификатлаў уйымы болған Жәҳән Урбан Дата Кеңеси тәрепинен қол қойылған.
Астана экономика, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, қәўипсизлик ҳәм транспорт сыяқлы 19 тийкарғы бағдар бойынша 128 көрсеткиш пенен ҳәр тәреплеме баҳаланды.
«Турақлы қала» статусы Астана ушын туризмди раўажландырыў, халықаралық инвестицияларды тартыў, глобал бирге ислесиўшилер менен байланысларды кеңейтиў ҳәм инфраструктура жойбарларын әмелге асырыўда жаңа имканиятлар ашыўы мүмкин.
Г.Сатторова, ӨзА