Бүгин Экономика ҳәм қаржы министрлигинде Жәҳән банки ўәкиллери менен мәмлекетте киши ҳәм микро-гидро энергетика жойбарларын қоллап-қуўатлаўға байланыслы сөйлесиўлер өткерилди.
Ушырасыўда Өзбекстанның қайта тиклениўши энергетика тараўындағы мақсетлери, киши гидроэнергетика секторы ушын қаржыландырыў имканиятлары ҳәм техникалық шешимлер додаланды.
Жәҳән банки ўәкиллери алдын өткерилген изертлеўлери тийкарныда сайланған жойбарларды әмелиятқа енгизиў ушын жаңа қаржылай механизмлер ислеп шығылып атырғанын атап өтти. Олар өзиниң бул тараўдағы тәжирийбесин Өзбекстан менен бөлисиўге таяр екенин билдирди.
Соң тәреплер киши гидроэлектростанцияларды раўажландырыў арқалы аўыл аймақларында электр тәмийнатын жақсылаў, энергия қәўипсизлигин беккемлеў ҳәм киши бизнести қоллап-қуўатлаў мәселелерине итибар қаратты.
Сондай-ақ, олар жедел жумысшы топарды шөлкемлестириў ҳәм турақлы сөйлесиўди даўам еттириў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Сөйлесиўлердиң жуўмағында әмелий қәдемлерди жеделлестириў ҳәм өз-ара бирге ислесиўди және де күшейтиўге келисилди.
Н.Зиёдуллаева, ӨзА