Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасындағы “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы фракциясының мәжилиси болып өтти. Онда дәслеп Президентимиздиң басшылығында социаллық қорғаў тараўындағы жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм 2025-жыл ушын тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша өткерилген видеоселектор  мәжилисиниң мазмун-мәниси ҳәр тәреплеме додаланды.

Атап өтилгениндей, Конституциямызда беккемленген “Өзбекстан – социаллық мәмлекет” принципи тийкарында меҳир ҳәм жәрдем системасы халыққа жақынластырылмақта. Барлық аймақларда “Инсан” орайлары ашылып,  102 социаллық хызмет мәҳәллелерде жолға қойылды. Социаллық хызметкерлер үйме-үй жүрип, усы жыл реестрде болмаған  және 95 мың мүтәж адамға жәрдем көрсетти. Майыплығы болған 5 мың бала бағша-мектепке  жайласты. Бул бағдардағы әмелий ислерге қарамастан, айырым орынларда жумыс дурыс шөлкемлестирилмеген жағдайлары да талланған еди.

Фракция мәжилисинде барлық дәрежедеги депутатлар социаллық қорғаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды қадағалаўы ҳәм оларға белсене қатнасыўы зәрүр екенлиги атап өтилди. Бул бағдардағы партия беслсендилери ҳәм фракция ағзалары алдында турған тийкарғы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Соң депутатлар күн тәртибине киргизилген бир қатар нызам жойбарларын додалады. Соның ишинде, “Өзбекстан Республикасының Мийнет кодексине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда мәмлекетимизде зорлық-зомбылықтың алдын алыў, буннан жәбирленген шахсларды социаллық ҳәм ҳуқықый қорғаў ҳәм мийнет қатнасықларында халықаралық стандартларды енгизиў белгиленбекте.

Атап айтқанда, мийнет процесиндеги зорлық-зомбылықты ҳәм бул жағдайлар бойынша көрилген илажларды уйымлараралық әдеп-икрамлылық комиссиясында ямаса кәсиплик ассоциациясы ўәкилиниң қатнасыўында додалаў жумыс бериўшиниң миннети сыпатында нәзерде тутылмақта.

Буннан тысқары,  шаңарақлық (турмыслық) зорлықтан жәбирленген шахслар халықтың социаллық мүтәжлик категорияларының дизимине киргизилип, мәмлекет тәрепинен оларды жумысқа жайластырыў бойынша қосымша  кепилликлер  тәмийинлеўи белгиленбекте.

Жойбарда сондай-ақ, зорлық-зомблықтан жәбирленип, қорғаў ордеринен пайдаланған хызметкерге ҳақы төленетуғын (жыл даўамында 10 календарь күннен ибарат) дем алыс бериў ҳәм перзенти туўылыўы мүнәсибети менен ерлерге  (30 календарь күн ишинде 5 календарь күннен ибарат) қысқа мүддетли ҳақы төленетуғын дем алыс бериў усыныс етилмекте.

Фракция ағзалары жойбардың әҳмийетли екенлигин атап өтип, онда нәзерде  тутылып атырған нормаларды қызғын додалады. Айырым сораў ҳәм келиспеўшиликлер, усыныслар ортаға тасланды. Мийнет процесиндеги зорлық-зомбылықты анықлаў илажлары бойынша пикир-усыныслар берилди.

Фракция аъзолари лойиҳаси муҳимлигини таъкидлаб, унда кўзда тутилаётган нормаларни қизғин муҳокама қилди. Айрим савол ва эътирозлар, таклифлар ўртага ташланди. Меҳнат жараёнидаги тазйиқ ва зўравонликни аниқлаш чоралари бўйича таклиф-тавсиялар берилди.

Сондай-ақ, және бир қатар жойбарлар додаланып, фракцияның  тийисли қарарлары қабыл етилди.

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы