Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов Саудия Арабстанында «DataVolt» компнаиясының Бас  атқарыўшы директоры Ражит Нанда менен ушырасты.

Онда биргеликте әмелге асырлып атырған мағлыўматлар орайын қурыў процесслери ҳәм  маман қанигелерди таярлаў бойынша сөйлесиўлер алып барылды.

Ушырасыўда компания менен биргеликте «Жасыл» мағлыўматлар орайы жойбарының 1-басқышы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы  пикир алысылды.

Жойбарды әмелге асырыў ушын электр-энергия тәмийнаты мәселесин айрықша итибарға алыў зәрүр екенлиги атап өтилди. «DataVolt» компаниясының Бас атқарыўшы директоры усы жойбарда қайта исленетуғын энергия дәреклеринен пайдаланатуғынын мәлим етти.

Соның менен бирге, мағлыўматлар орайларын қурыў арқалы халықаралық ири  IT компанияларды Өзбекстанға тартыў бойынша әмелий жумыслар алып барылып атырғаны мәлим етилди.

Буннан тысқары, билимлендириў тараўында санлы шешимлерди жедел раўажландырыў, IT аутсорсинг ҳәм басқа бағдарларда  талантларды таярлаў бойынша Саудия Арабстаны ҳәм Жақын Шығыста Өзбекстанның IT аутсорсинг потенциалын үгит-нәсиятлаў  бойынша биргеликтеги басламаларды әмелге асырыў бойынша мәселелерге итибар қаратылды.

Сондай-ақ,  биргеликтеги жойбарларды алға қойыў арқалы дүньяның ири технологиялық  компанияларын Өзбекстанға тартыў режелери көрип шығылды.

Ушырасыў жуўмағында телекоммуникация тараўында да жойбарларды әмелге  асырыў перспективаларына итибар қаратылды.

Н.Раҳманова, ӨзА