Шоманай районы ҳәкимлигиниң инвестиция бөлими, мәлимлеме хызмети тәрепинен ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери, блогерлер ушын районда әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарлар тийкарында шөлкемлестирилген исбилерменлик субектлерине медиа-тур шөлкемлестирилди.
Медиа-тур даўамында райондағы Қарабайлы мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы “Агро Шоманай Кластер” ЖШЖның пахта тазалаў заводы, Бирлешик аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы “Султан берекетли шарўа” фермер хожалығы, Ақжап аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы “NUKUS AQUA MIR” тойханасы, Моншақлы мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан өнермент “Нәўбетова Алтынай” жеке исбилерменлик субъектиниң жумыслары менен танысып, инвестициялық жойбарлардың әмелге асырылыўы, исбилерменлик субъектлериниң жумысы ҳәм олардың раўажланыў перспективаларын үйрениў имканиятына ийе болды.
Медиа-тур қатнасыўшылары дәслеп, “Агро Шоманай Кластер” ЖШЖның «Пахта тазалаў заводын шөлкемлестириў» жойбары тийкарында иске қосылған кәрханаға алып барылды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмаларға муўапық “Агро Шоманай Кластер ” ЖШЖ тәрепинен 31,5 млрд. сумлық “Пахта тазалаў заводы” жойбарын әмелге асырыў белгиленген еди. Кәрхана жылына 20 мың тонна пахтаны қайта ислеў қуўатлылығына ийе. Кәрханада бүгинги күнде 3 сменада 100 ден аслам адам жумыс менен тәмийинленген. Қатнасыўшылар кәрханадағы жумыс процесслери менен танысып, жумысшылар менен сәўбетлесип қызықтырған сораўларына жуўап алды.
«Султан берекетли шарўа» фермер хожалығы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 2-октябрьдеги Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында өткерилген мәжлисте берилген тапсырмаларға муўапық, Қарабайлы МПЖ да шөлкемлестирилген. Нәсилли қарамал сақлаўды раўажландырыўға бағдарланған бул жойбардың баҳасы 1,2 млрд. сум болып, соннан өз қаржысы 400 млн. банк кредити 800 млн. сумды қурайды. Жойбар шеңберинде Австрия мәмлекетинен 27 бас симменталь нәсилли қарамаллар алып келинген. Жойбарды иске түсириў нәтийжесинде жаңа 5 жумыс орны жаратылған.
Бүгинги күнде усы нәсилли қара малларды көбейтиў ҳәм шарўашылықты раўажландырыў жумыслары алып барылмақта.
“NUKUS AQUA MIR” ЖШЖ тойхана хызметин шөлкемлестириў бойынша районда 2024-жылғы инвестициялық бағдарламаға муўапық шөлкемлестирилген. Бул тойхана районда ашылған усы дәрежедеги ең дәслепки тойхана екенин атап өтиўимиз керек. Жойбар баҳасы 3,5 млрд. сумды қурайды.
Жойбарды әмелге асырыў мақсетинде район ҳәкимлиги тәрепинен 0,24 гектар жер берилип, Миллий банк тәрепинен 1,0 млрд. сумлық кредит ажыратылған. Әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде 400 орынлық тойхананың жумысы жолға қойылды ҳәм 15 жаңа жумыс орынлары жаратылды.
Медиа-тур қатнасыўшылары “Нәўбетова Алтынай” жеке исбилерменлик субъектине де алып барылды. Тийкарынан түйе жүни ҳәм терилерден кийиз, байпақ, шулық, көрпе, көрпеше ҳәм басқа да керекли буйымларды, буйыртпаға тийкарланып кийим-кеншеклерди тигиў менен шуғылланатуғын бул цех Шоманай районында 2024-жылғы инвестициялық бағдарламаға муўапық 1,0 млрд. сумлық қаржы есабынан иске түскен.
Жойбарды әмелге асырыў мақсетинде район ҳәкимлиги тәрепинен Мәденият МПЖ аймағында 300 кв.м. лик бос турған жер берилип, қурылыс ҳәм үскенелерди монтажлаў жумыслары алып барылды.
Интакерлер тәрепинен Германия Халықаралық бирге ислесиў жәмийетиниң гранты тийкарында Россия Федерациясынан 90 мың АҚШ долларлық, жыллық ислеп шығарыў қуўатлылығы 30 тонналық жүнди қайта ислеў мүмкиншилигине ийе үскене алып келинди. Бүгинги күнде кәрхана тәрепинен ислеп шығарылған өнимлер жергиликли базарларда сатылмақта.
Бул илаж районның экономикалық потенциалын көрсетиўге, инвестиция тартыўға ҳәм исбилерменликти раўажландырыўға қаратылғанлығы менен әҳмийетли. Медиа-тур даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги