Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигинде Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети мәлимлеме хызмети баслығы Саодат Боймирзаеваның қатнасыўында брифинг шөлкемлестирилди.
Қәнигениң мағлыўматларына бола, кейинги жыллары барлық тараўда ҳаял-қызлар ҳәм адамлардың теңлигин тәмийинлеўдиң ҳуқықый тийкарын және де беккемлеў бойынша салмақлы жумыслар алып барылмақта. Мәмлекетте қарарлар қабыл етиў процесинде ҳаял-қызлардың қатнасы сезилерли дәрежеде артпақта. Жәмийетлик-сиясий, экономикалық ҳәм руўхый турмыста ҳаял-қызлардың қатнасыўы барған сайын кеңейип, олардың мәмлекетлик басқарыўдағы үлеси 35 процентке, исбилерменлик тараўында 37 процентке, сиясий партиялар қурамында болса 49 процентке жетти.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутатларының 38 проценти (57), Сенат ағзаларының 27 проценти (16), жергиликли кеңеслер депутатларының 25 проценти ҳаял-қызлардан ибарат. Министр ҳәм министрге теңлестирилген лаўазымларда ҳаял-қызлардың үлеси 2018-жылы дерлик 3 процентти қураған болса, өткен дәўирде еки есеге артып, 5,7 процентке жеткерилген.
Атап айтқанда, ҳаял-қызлардың үлеси медицина системасында 77 проценттен көбирегин, билимлендириў тараўында дерлик 74 процент, саўдада 49 процент, экономика тармақлары, санаат ҳәм өндиристе дерлик 46 процент, мәденият ҳәм спортта 45 процент, аўыл хожалығында 42 проценттен асламын, қаржы ҳәм қамсызландырыў жумысында 37 проценттен асламды, мәлимлеме ҳәм байланыс хызметинде 35 процент, профессионал, илимий ҳәм техникалық жумысларда дерлик 34 процентти, мәмлекетлик басқарыў ҳәм қорғаныў системасында 27 проценттен көбиректи қурамақта. Быйылғы оқыў жылында республика жоқары билимлендириў орынларында билим алып атырған ҳаял-қызлардың үлеси 52,2 процентти қураған.
Мәмлекетимиздиң гендер теңлик тараўындағы ерискен табыслары халықаралық дәрежеде мүнәсип тән алынбақта. Өзбекстан 2024-жылы гендер теңлик ҳәм басқарыў индекси бойынша 72,8 балл топлады. Нәтийжеде 103-орыннан 51 текшеге көтерилип, 52-орынды ийелеўге ерискен. Бул индекс 158 мәмлекетти қамтып алып, гендер теңликке ерисиў жолындағы табыслар ҳәм кемшиликлерди анықлаў имканиятын береди.
Өзбекстанның бул табысларына тийкар болған әҳмийетли реформалар ҳаял-қызларды IT ҳәм STEM тараўларына жедел қамтып алыў, қызлар ушын санлы көнликпелер бойынша билимлендириў бағдарламаларының иске қосылыўы, ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм гендер теңликти тәмийинлеў бойынша әмелге асырылған илажлар себепли.
Сондай-ақ, социаллық қорғаўға мүтәж ҳаял-қызлардың “Ҳаял-қызлар дәптерин”не киргизиў ҳаққындағы мүрәжаатин тиккелей қабыл етиў тәртиби өзгертилип, ендигиде “мәҳәлле жетилиги”ниң коллегиал қарары арқалы көрип шығыў тәртиби енгизилди. Жаңа тәртип бойынша шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлимлери баслықлары ҳәм “мәҳәлле жетилиги ағзалары”ның мағлыўматларды киргизиў ҳәм шығарыў, олардың шынлығы бойынша жуўапкершилиги белгиленбекте.
Усы жылы “Ҳаял-қызлар дәптери”ниң 5-басқышы шеңберинде әмелге асырылған жумыслар ақырына жеткерилди. “Ҳаял-қызлар дәптери”ниң 5-басқышында республика бойынша 1 миллион 265 ҳаял-қыз дәптерге киргизилип, 995 мың 239 ына әмелий жәрдем көрсетилген.
Муҳайё ТОШҚОРАЕВА,
ӨзА хабаршысы