Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 16-декабрь күни банклердиң қатнасында мәҳәллелерде халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматлы етиўге қаратылған тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Соңғы жыллары банклердиң жумысы мәҳәллеге шекем түсирилгени өз нәтийжесин бермекте. Атап айтқанда, Наманган ўәлаяты Уйчи районында банклер 3 мың 200 белсенди қарыйдар менен ислесип, оларға жәрдем бергени ушын 9 мың адам турақлы жумыслы болды. Кәмбағаллар саны 6 мыңға азайды.

Сырдәрья ўәлаяты Сайхунабад районындағы 3 мың 200 шақарақта жойбарлар иске түсирилди, 12 мың адам өз қыйтақ жеринде дәрамат  табыўды үйренди.

Жиззақ ўәлаяты Зарбдар районында 13 мың 500, Бухара ўәлаяты Ғиждуўан районында 28 мың жумыс орны жаратылды. Булардың есабынан қосымша 10 мыңнан аслам халық кәмбағаллықтан  шығарылды.

Улыўма, бул 4 район –Уйчи, Сайхунабад, Зарбдар ҳәм Ғиждуўан тәжирийбелери шеңберинде жыл басынан берли 3 миллион 300 мың халық турақлы дәраматқа ийе болған. Жәми рәсмий бәнт болғанлар биринши рет 10 миллион 500 мыңға жеткен.

Буннан тысқары, Хожели, Асака, Бабкент, Булунғыр, Жаңа жер, Қўштепа, Шават сыяқлы 57 районда жумыссызлық 5 проценттен төмен түсти.

Орайлық банк ҳәм орынлардағы банклер бул унамлы тәжирийбелерди кеңейтип, халыққа мәдет болыўы зәрүрлиги атап өтилди.

-2025-жылы бәнтликти тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты азайтыў ең әҳмийетли ҳәм шешиўши жыл болады,- деди Шавкат Мирзиёев.

Мәжилисте бул бағдардағы жаңа имканиятлар ҳәм режелер көрип шығылды.

Ақырғы 6 жылда  шаңарақлық исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде 750 мың халық кредитти қайтарып, дәраматлы бизнеске ийе болған. Олардан 58 мыңы жаңа кәрхана ашқан. Енди банклер мине усындай, сынақтан өткен қарыйдарларды қоллап-қуўатлап, киши ҳәм орта бизнес дәрежесине алып шығыўы зәрүр.

Сол себепли оларға “Киши бизнести қоллап-қуўатлаў” бағдарламасы шеңберинде шәртсиз 300 миллион сум кредит бериледи. Бул арқалы келеси жыллары 1,5 миллион халық жумыслы болады.

Алдынлары банклер шаңарақлық исбилерменлик бағдарламаларына қаржыны тек ғана мәмлекеттен алған. Халық банки баслама көрсетип, Азия раўажланыў банки менен “Қаржылай ғалабалық” бағдарламасы шеңберинде 50 миллион сумға шекем артықша ҳүжжет ҳәм гиреўсиз кредит берип атыр. Усы үлги тийкарында, келеси жылы 9 мәмлекетлик банк 1 миллиард доллар кредит берип, 250 мың халықты дәраматлы етиўи мүмкин екенлиги айтылды.

Белсенди исбилерменлердиң қатнасыўында 27 районда ашылған кооперациялар жақсы нәтийже бермекте. Келеси жылы 30 районда балықшылық, қояншылық, шарўашылық ҳәм пал ҳәррешилик бойынша усындай кооперациялар шөлкемлестириледи. Бул ушын 500 миллиард сум қаратылады.

Инвестиция алып келетуғын ҳәм көп жумыс орнын жарататуғын стартап жойбарлар қоллап-қуўатланады. Буның ушын мәмлекетлик банклер венчур компания дүзип, мәҳәлле стартапларына өз қаржысынан жәми 50 миллион доллар ажыратады. Ҳәр бир банк жеке меншик шерик таўып, стартапларды бизнеске айландыратуғын акселераторлар ашады.

Мәжилисте жағдайы төмен районларда жумыссызлықты азайтыў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Оларға басқа аймақлардан тәжирийбели исбилерменлер кеңнен тартылып, жойбарлары ушын жеңил кредитлер ҳәм инфраструктурасына қосымша қаржы ажыратылады. Бул 1 миллион 300 мың халықты дәраматлы етиў имканиятын береди.

Мәмлекет инфраструктура жаратып берсе, исбилерменлер қосымша 31 триллион сумлық 3,5 мың жойбар ҳәм 200 мың жаңа жумыс орнын шөлкемлестириў басламасын билдирген. Келеси жылы бул жойбарлар инфраструктурасына 1 триллион сум ажыратылатуғыны белгиленди.

Және бир таллаў: 85 мың гектар жерде аз дәраматлы егин егилгени себепли нәтийжелилик төменлигинше қалмақта. Сол себепли бундай жерлер ири контурға бирлестирилип, жетекши исбилерменлерге екилемши ижараға бериледи. Жер ийесине ижара ҳақы ҳәм өнимди сатыўдан үлес төленеди. Егин екпеген халыққа жерин басқасына екилемши ижараға бериў ҳаққында мәжбүрий талапнама киргизиледи. Келеси жылы бөлистирилетуғын 100 мың гектар жер де усы тәртипте ажыратылады.

60 алдыңғы қала-районлар жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан қутылыў имканиятына ийе. Буның ушын келеси жылы олардағы 2 миллион халықты бәнт етип, 417 мың шаңарақты кәмбағаллықтан алып шығыў керек екенлиги атап өтилди.

Бул мақсетлерге ерисиў ушын банклер қаржы жағынан исенимли болыўы керек. Сол себепли тек ғана мәмлекет беретуғын пулға байланып қалмастан, сыртқы дәреклерден 6 миллиард доллар кеңнен тартыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, келеси жылы халықтың аманатларын 11 миллиард долларға жеткериў ўазыйпасы қойылды.

Ҳуқықый тийкар жаратылғаны себепли быйыл 5,5 триллион сумлық микроқаржы ҳәм факторинг хызметлери көрсетилген. Усы тийкардан пайдаланып, енди мәмлекетлик банклери де өзиниң микроқаржы ҳәм факторинг компаниясын ашыўы, оған сырт ел инвесторларын кеңнен тартыў мүмкин.

Мәжилисте банклер алдында турған машқалалар да талланып, шешиў илажлары көрилди.

Мысалы, банклер балансында 3 мың ҳәрекетсиз мүлк бар. Олар сатылса, қосымша ресурс ҳәм 150 мың жумыс орны ушын резерв пайда болады. Сол себепли банклерге ҳәрекетсиз мүлклерди базар баҳасында тиккелей сатыўға рухсат берилетуғыны белгиленди.

Кредит қарызы есабынан гиреўди суд арқалы өндириўге де көп ўақыт жумсалмақта. Соның ушын бул бағдардағы нызамшылықты өзгертиў, онда гиреўге байланыслы банк ҳуқықларының үстинлигин ҳәм өндириўге қаратылған мүлклер тез сатылыўын нәзерде тутыў керек екенлиги айтылды.

Ҳәкимликлер менен банклердиң мәҳәллелерде муўапық жумыс алып барыў системасы көрсетип өтилди. Онда район ҳәкимлери жойбарды орын ҳәм инфраструктура  менен тәмийинлеў миннетлемесин алады, банклер болса исбилерменлердиң жойбарларына жәрдемлеседи, машқаласы болса, шешеди, жумыссызларды бизнеске шақырады.

Усы мақсетте мәҳәлле банклери жумысын жолға қойыў усынысы билдирилди. Олар мәҳәллениң бизнес имканиятларын үйренеди, адамлардың идеялары ҳәм қәбилетин жойбарларға айландырады. Халыққа қаржылай тәртиплерди, өним ҳәм хызметлерди сатыўды үйретеди, жойбарларға жәрдем береди.

Улыўма, жәҳән экономикасындағы бүгинги қурамалы шараятта қаржы банк системасының барлық дәрежелеринде қаржы тәртибин ҳәм жеке жуўапкершиликти күшейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте ҳәкимлер ҳәм банк басшылары 2025-жылы миллионнан аслам халықты дәраматлы етиў, 1,5 миллион халықты кәмбағаллықтан шығарыў бойынша есап-санақларын усынды. Сөйлесиўде аймақлардағы унамлы тәжирийбелер, жуўапкерлердиң мәлимлемелери тыңланды.

ӨзА