Асад Сириядан қашқаннан кейин биринши мәрте баянат берди

468

Сирияның бурынғы президенти Башар Асад келиспеўшиликлер ўақтында мәмлекеттен қашып шығып кеткенине соң биринши мәрте баянат берди.

Оның сөзлерине бола,  келиспеўшиликлер ўақтында Россияның Хмеймим авиабазасына жетип келгенинде,  ол Дамасктиң қулағаны ҳаққында билген. Соң ол Москва база сәркардалығына РФға жеделлик пенен эвакуация етилиўи керек екенлигин атап өткен. Асадтың атап өтиўинше, ол Дамаскте 8-декабрь ерте таңға шекем қалған.

– Баянат алдынырақ жәрияланыўы керек еди, – деп қосымша  етти ол. – Бирақ сол ўақыттағы жағдайлар, соның ишинде, қәўипсизлик көзқарасынан оны жәриялаў кешиктирилди.

Асадтың атап өтиўинше, ол Латакияға Россия аўқамласлары менен әскерий әмелиятларын  муўапықластырыў ушын барған.

– Латакиядағы  базаға келгенимизде бизиң күшлеримиз барлық жаўынгер позициялардан пүткиллей алып шығып кетилгени мәлим болды, – дейди Башар Асад. – Жағдай жаманласыўда даўам етти.

– Сырт елли басылымлардың жазыўынша, Башар Асадтың бул баянаты 16-декабрьде жәрияланған ҳәм жәрияланған орын «Москва» деп көрсетилген.

Г.Саттарова, ӨзА