«Манчестер Сити» қыйын жағдайда қалмақта

233

Футбол бойынша Англия Премьер-лигасының  әмелдеги чемпионы «Манчестер Сити» клубы ҳәзирги ўақытта қыйын жағдайда.

Себеби, команда соңғы өткерилген 11 турдың 8 инде жеңилиске ушырады ҳәм ҳәзирги ўақытта 27 упай менен турнир кестесиниң 5-орнында тур.

Бул туўралы клубтың бас тренери Пеп Гвардиола төмендегише пикир билдирди.

– «Быйылғы мәўсим қыйын болады деп ойлаған едим, бирақ, буншелли дәрежеде емес. Мен баслықпан, тренермен ҳәм бул мениң айыбым. Тренерлик жумысым дәўиринде, биринши мәрте не ислеў кереклигин билмей атырман»-деди ол.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, бүгинги күни Англия Премьер-лигасында 15 ойыннан соң 36 упай топлаған «Ливерпуль» клубы  жетекшилик етпекте.

Буннан кейинги орынларды болса, Лондонның еки клубы «Челси» ҳәм «Арсенал» клублары ийелеп киятыр.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы