Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент ўәлаяты Бостанлық районында қурылыўы мөлшерленген халықаралық туризм орайының презентациясы менен танысты.

Дүнья менен байланыслар кеңейип, инфраструктура раўажланған сайын мәмлекетимиздиң туризм потенциалы да артпақта. Усындай тартымлы орынлардан бири, әлбетте, Бостанлық районы. Чорвақ суў қоймаханасы ҳәм дәрьялары, қарлы таўлары, саяманлы терекликлери себепли ол жерде жылдың барлық мәўсиминде кеўилли дем алыў мүмкин.

Мәмлекетимиздиң итибары менен соңғы жыллары Бостанлықта көплеген жаңа комплекслер қурылды, Амирсай, «Белдирсай-Чимён-Нанай» курорты сыяқлы жойбарлар әмелге асырылды. Атап айтқанда, соңғы бес жылда 2 триллион сумнан артық инвестиция киргизилип, 13 мыңнан артық орынға ийе 59 жаңа туризм имараты иске қосылды.

Бундай нәтийжелер сырт елли инвесторларды өзине тартпақта, және де үлкен көлемдеги жойбарларға жол ашпақта. Соның ишинде, әзербайжанлы Эмир Агаларов бир қатар ири сырт елли компаниялар менен шерикликте Чорвақ суў қоймаханасының бойынша “Sea Breeze Uzbekistan” халықаралық туризм орайын қурыў тилегин билдирмекте.

Жойбарға бола, онда дем алыў, шомылыў ҳәм спорт орайлары, мийманханалар, коттеджлер, турақ жайлар болады. Халықаралық брендлердиң дүканлары, ресторан ҳәм хызмет шақапшалары ашылады. Түрли фестивальлар, концертлер ҳәм басқа мәдений илажлар өткериледи. Еки жағалық арасында көпир қурылып, келиўшилерге қолайлылық арттырылады. Келешекте өзине тән туризм хабына айланып, онда жыл даўамында дем алыў ҳәм жасаў мүмкин болады.

Мәмлекетимиз басшысы бул усынысты мақуллап, оны халықаралық тәжирийбе тийкарында жойбарлаў ҳәм басқышпа-басқыш қурыў зәрүрлигин атап өтти. Бас министрдиң басшылығында комиссия дүзип, жойбардың ҳуқықый тийкарын жаратыў, инфраструктура мәселелерин шешиў бойынша көрсетпелер берди.

ӨзА