«Аўыл хожалығын механизацияластырыў дәрежесин және де арттырыў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилиўи менен агротехникалық хызметлерди көрсетиўшилер жер салығы ҳәм мүлк салығын азайтылған ҳалда төлейтуғын болды. Бул ҳаққында «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы хабар берди.

Қарарға бола, аўыл хожалығы техникаларына хызмет көрсетиўши исбилерменлердиң талабына тийкарланып, халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайлары жолламасы арқалы жумыссыз жаслар заманагөй аўыл хожалығы техникаларына хызмет көрсетиўши қәниге сыпатында оқытылады. Бул процессте жасларды тракторшы-машинист сыпатында қайта таярлаў қәрежетлери Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қор тәрепинен қапланады.

Сол себепли, 2025-жыл 1-январьдан 2028-жыл 1-январьға шекем аўыл хожалығы техникаларын оңлаў ҳәм агротехникалық хызметлер көрсетиўши исбилерменлерге бир қатар салық жеңилликлери берилди. Соның ишинде, юриликалық тәреплердан алынатуғын жер салығы ҳәм юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салық ставкалары 50 процентке азайтылады. Бул жеңилликлер егин майданларын лазерли жер тегислегишлер арқалы тегислеў, ғаўашаны чеканкалаў ҳәм дефолиациялаў хызметлерин көрсетиўши исбилерменлерди қоллап-қуўатлаўға қаратылған.

Сондай-ақ, жергиликли аўыл хожалығы техникаларын ислеп шығарыўшы кәрханаларға да салық ҳәм бажхана жеңилликлери жаратылды. Қарарға бола,бул кәрханалар өз талабы ушын сырт елден алып келинетуғын комплектлеўши ҳәм аўысық бөлеклер 2028-жыл 1-январьға шекем бажхана бажынан азат етиледи. Бул болса жергиликли аўыл хожалығы техникаларын ислеп шығарыўшыларының бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға хызмет етеди.

Аўыл хожалығы техникаларын оңлаў ҳәм хызмет көрсетиў тараўын раўажландырыў бойынша көрилип атырған бул илажлар халықтың бәнтлигин арттырыў ҳәм тарадағы исбилерменлерди таярлаў қәрежетлериниң қапланатуғыны тараўда жоқары нәтийжелиликке ерисиў имканиятын береди. Бул илажлар аўыл хожалығы техникаларының сапалы хызмет көрсететуғыны ҳәм техникалық инфраструктураның және де раўажланыўына түртки болады.

Қарар тийкарында гөзленген мақсетлерден бири –заманагөй технологиялардан пайдаланған ҳалда аўыл хожалығы өнимлериниң ислеп шығарыў нәтийжелилигин арттырыў болып есапланады. Ҳүкиметтиң бул басламалары тараўды жедел раўажландырыў ҳәм инвестициялық орталықты жақсылаўға қаратылған болып, мәмлекеттиң аграр секторында әҳмийетли өзгерислерге алып келетуғыны күтилмекте,-деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги