«Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фондының Қарақалпақстан бөлими тәрепинен Майыплар жәмийетиниң Нөкис қалалық бөлими менен биргеликте 8-март -Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы мүнәсибети менен илаж өткерилди.
Атап өтилгениндей, елимизде ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеў, олардың жәмийеттеги ролин күшейтиў, шаңарақ институтын қоллап-қуўатлаўға қаратылған комплексли илажлар әмелге асырылмақта. Дәўир талабынан келип шыққан ҳалда, ҳаял-қызлардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыстағы белсене қатнасын тәмийинлеўге жетерли шараят жаратылмақта. Бунда жәрдемге мүтәж, майыплығы болған ҳаял-қызлар ҳәмийше дыққат-итибарда болып келмекте.
Илаж даўамында майыплығы болған ҳыял-қызлардың ҳал-жағдайынан хабар алынып, оларға «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фондының Қарақалпақстан бөлими тәрепинен байрам саўғалары тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги