Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде «Жер мүнәсибетлеринде теңлик ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў, жерге болған ҳуқықларды исенимли қорғаў ҳәм оларды базар активине айландырыў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары додаланды.
Атап өтилгениндей, Президентимиздиң 2021-жыл 8-июньдағы тийисли пәрманы менен жер ажыратыўдың ашық-айдын системасы енгизилип, ҳүжжетте белгиленген басқаша тәртипте жер ажыратыўды нәзерде тутатуғын барлық тәртиплер, жеңилликлер ҳәм өзгешеликлер толық бийкар етилди. Соннан келип шығып, пәрманның 17-бәнтиниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде усы нызам жойбары ислеп шығылды.
Жойбар менен 5 кодекс, 22 нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў нәзерде тутылмақта. Атап айтқанда, 10 нызам ҳүжжетинен жер участкалары мийрас етип қалдырылған өмирликке ийелик, турақлы ийелик, ўақытша пайдаланыўға берилиўи нәзерде тутылған қағыйдалар шығарылып атыр. 8 нызам ҳүжжетинен жерлерди жеке меншик секторға тиккелей ажыратыўды нәзерде тутатуғын, 3 нызам ҳүжжетинен болса жер участкалары жәмийетлик талаплар ушын алып қойылғанда компенсация тәризинде жер ажыратылыўы ҳаққындағы қағыйдалар шығарып тасланбақта.
Депутатлардың айтыўынша, нызам жойбарының қабыл етилиўи арқалы барлық нызам ҳүжжетлериндеги жерге байланыслы нормалардың өз-ара муўапықлығы, ҳуқықты қолланыў әмелиятының бирдейлиги, ең әҳмийетлиси, жер участкаларын ажыратыўда ашық-айдынлық тәмийинленеди.
Мәжилисте нызам жойбары депутатлар тәрепинен биринши оқыўда концептуаллық жақтан қабыл етилди.
Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы