Россия президенти Владимир Путинниң Халықаралық дзюдо федерациясы (IJF) ҳүрметли президенти ҳәм елшиси сыпатындағы ўәкилликлери тоқтатылды.

Бул ҳаққында федерация рәсмий сайты хабар берди.

Шөлкемниң билдириўинде айтылыўынша, бул қарар Украинада даўам етип атырған әскерий келиспеўшиликтен келип шыққан ҳалда қабыл етилген.

Еслетип өтемиз, Владимир Путинге ХДФ ҳүрметли президентиниң ўәкиллик сертификаты 2008-жылы тапсырылған еди.

ӨзА