Президент Шавкат Мирзиёев 21-февраль күни Ташкент қаласында көп квартиралы турақ жай фондын басқарыўды жетилистириў ҳәм ыссылық тәмийнаты системасын раўажландырыў, мәҳәллелерди абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў, және геология тараўы ҳәм химия санаатындағы инвестициялық жойбарлар менен танысты.

Коммуниаллық хызметлер миллионлаған халықтың турмысына байланыслы мәселе. Бурын көп қабатлы жайларға хызметти тек ғана мүлк ийелери ширкети көрсететуғын, техника ҳәм қәнигелер жетиспеўи себепли оның сапасы төмен еди. Бүгинги күнде болса басқа да басқарыў түрлери енгизилген.

2020-жылы тәжирийбе тәризинде Ташкент қаласының Юнусабад районындағы 110 көп қабатлы жай нызамшылықта белгиленген тәртипте компанияларға берилген еди. Бул тәжирийбе 2021-жылы барлық ўәлаяттың орайларында, Шыршық ҳәм Ангрен қалаларында даўам еттирилип, 15 басқарыў компаниясы тәрепинен хызмет көрсетиў жолға қойылған.

Мәселен, Наўайы қаласындағы 116 көп қабатлы жайға басқарыў компаниясы тәрепинен хызмет көрсетилген болып, мүддети өткен қарыздарлық 2 есеге қысқарған. Бул компания 34 түрдеги арнаўлы техника алып, халыққа ҳәм исбилерменлерге 20 дан аслам жаңа хызметлерди жолға қойған.

Мәмлекетимиз басшысы бул системаны кеңейтиўди хошаметлеў керек екенин, жылдың ақырына шекем басқарыў компаниялары тәрепинен хызмет көрсетиўди Ташкент қаласының барлық хызмет сапасы төмен районларына енгизиў зәрүрлигин атап өтти. Хызметлеринен халық разы болған ширкетлер ҳәм турақ жайды тиккелей басқарыўшылар буған кирмейтуғынына айрықша итибар қаратылды.

– Бул жумсыларды системалы шөлкемлестириўимиз зәрүр. Себеби бул адамлардың күнделикли машқалалары, оларды шешпесек, халқымыз бизден разы болмайды, – деди Президент.

Бул ушын арнаўлы жумысшы топар орынларға шығып, турақ жай мүлк ийелери ширкетлериниң жумысын, халықтың пикирлерин үйренеди, ширкетлер ҳәм басқарыў компанияларының қаржы машқалаларын шешип барады.

Жумысы ҳәм финанслық жағдайы қанаатландырарсыз  болған ширкетлердиң аймағын ашық таңлаў тийкарында басқарыў компанияларына бериў мәселесин үйрениў тапсырылды.

Улыўма,  турақ жай басқарыў компанияларына белгили бир жеңилликлер берилетуғыны атап өтилди. Соның ишинде, олар пайда ҳәм мүлк салығынан азат етиледи, социаллық объектлерге аутсоринг тийкарында хызмет көрсетиў ушын тиккелей шәртнама дүзиўге руқсат бериледи, арнаўлы техника ҳәм үскенелер сатып алыўға 90 миллиард сум кредит ажыратылады ҳәм процентлердиң бир бөлеги қаплап бериледи, импорт етилетуғын үскенелер менен техникаларға бажыхана бажылары келешекте 3 жыл «ноль»лик ставкада қолланылады, сапластырылып атырған ширкетлердиң машқалалы кредитлери 3  жылға музлатылады.

Турақ жай коммунллық хызмет көрсетиў министрлигине бундай жумысларды барлық аймақларда шөлкемлестириў ўазыйпасы берилди.

Таныстырыўда 2022-жылы ыссылық тәмийнаты системасында әмелге асырылатуғын жойбарлар ҳаққында да мағлыўмат берилди.

Атап айтқанда, быйылғы жылы 10 қазанхананы модернизациялаў ҳәм 2 жаңа қазанхана қурыў, 120 километр ыссылық тармақларын жаңалаў, нәтийжеде 24 мың 400 үйдиң ҳәм 51 социаллық тараў объектлериниң ыссылық энергиясы тәмийнатын жақсылаў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы ҳәр бир мәҳәллениң экономикалық, социаллық, илимий орайы болыўы кереклигин айтқан еди.

Таныстырыўда бул бағдарда Ташкент қаласында әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди. Атап өтилгениндей, мәҳәллелерде балалар ҳәм спорт майданшалары қурылады, жоллар тәртипке келтирилип, тереклер егиледи. Бул ушын 579 мәҳәллениң ҳәр бирине бюджеттен 1 миллиард сумнан ажыратылған.

Президентимиз бул қаржылардан нәтийжели пайдаланыў, зәрүр болса, жергиликли бюджеттен қосымша ресурс қаратыў бойынша көрсетпе берди. Басқарыў компанияларын тартып, 2 мың көп қабатлы жайларды ағымдағы ҳәм ири оңлаў кереклиги айтылды.

Мәлим болғанындай, «Жасыл мәкан» улыўмамиллий жойбары әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, быйыл пайтахтымызда 1 миллион түп саяманлы ҳәм мийўели тереклер егиў режелестирилген. Таныстырыўда бул бағдардағы жумыслар ҳаққында районлар ҳәм көшелер кесиминде мағлыўмат берилди.

Таныстырыўда миллий бағ аймағында салыныўы режелестирилген Мәмлекетлик көркем өнер музейиниң жойбары, атап айтқанда, дүньяға белгили «Ателье Брукнер» архитектура бюросы тәрепинен таярланған көргизбелер, экспозициялар ҳәм басқа да бөлмелердиң жайласыў режеси көрип шығылды.

Геология тараўында әмелге асырылатуғын жумысларды таныстырыўда жоқары технологиялық металлар қазып шығарыў режелери айтылды. Соның ишинде, мыс, бийбаҳа металлар, магний, литий ҳәм графит резервлерин өзлестириў, углеводород шийки заты бойынша излеў жумысларын кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысына елимиздиң химия санаатында әмелге асырылатуғын жойбарлар ҳаққында да мағлыўмат берилди.

Атап айтқанда, улыўма майданы 31 гектардан артық «Шыршық» химия индустриаллық технопарки қурылмақта. 2022-жылы технопарк аймағында жәми 16,5 миллион долларлық жойбарларды әмелге асырыў, соның ишинде, полимер термоэластопласт компонентлери, көбиклендирилген полипропилен, микробиологиялық препаратлар, қағаз, косметика өнимлерин ислеп шығарыўды жолға қойыў мөлшерленген.

Ташкент ўәлаятында фосфорлы ҳәм қурамалы түрдеги минерал төгинлер, «Наўайыазот»  негизинде болса калий нитрат ҳәм сульфат, метанолдан пропилен ҳәм басқа да химиялық өнимлер ислеп шығарыўды шөлкемлестириў, тараўға санлы технологияларды енгизиў, Химиялық илимий-өндирислик ҳәм билимлендириў кластерин шөлкемлестириў жойбарлары көрип шығылды.

Жуўапкер адамларға көрсетилген жойбарларды өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырыў бойынша көрсетпелер берилди.

ӨзА