Евроаўқамның Россияға қарсы санкциялар топламы таяр, ол зәрүрлик туўылғанда беоиледи. Бул ҳаққында пийшемби күни ЕАның сыртқы ислер ҳәм қәўипсизлик сиясаты бойынша жоқары ўәкили Жозеп Боррель мәлим етти.
«Биз еле де дипломатия процессине исенемиз. Биз барлық ҳәрекетлеримизди дипломатиялық жумысқа қаратқанбыз. Басқа жағынан алып қарағанда, санкциялардың толық топламын таярлап қойғанбыз. Бул жүдә итибарлы топлам», деди Боррель. Ол ҳүжжет зәрүрлиги туўылғанда берилетуғынын қосымша етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги