Қурама Штатлар Талибан ҳәрекети менен Дохадағы ушырасыўда ерисилген келисимлердиң бир қатар шәртлерин орынламаған. «РИА Новости» хабарына бола, бул ҳаққында Аўғанстан ўақытша ҳүкимети сыртқы ислер министри Амир Хан Муттакий пикир билдирип, қамақтағы ҳәрекет ағзалары бир неше күнде босатылыўы бойынша берилген ўәде орынламағанын айтты.
Тилекке қарсы, оларды өзимиз босатпағанша бул жумыс исленбеди. Сондай-ақ, АҚШ ҳәзирги шекем Талибан рәсмий ўәкиллерин қара дизимнен шығармаған», – деди министр.
Министр Аўғанстанның ҳәзирги ҳүкимети өз ўәдесинде турып, мәмлекет аймағынан АҚШқа қарсы ҳәрекетте пайдаланыўға жол қойылмайтуғынын атап өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги