Кейинги жылларда Мәмлекетимизде сөз еркинлигин тәмийинлеў, мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар тараўын басқарыў системасын қайта шөлкемлестириў, жәмийетлик-сиясий ҳәм социаллық-экономикалық раўажланыўдың машқалалы мәселелерин сапластырыўда ғалаба хабар қуралларының әҳмийетин арттырыў бойынша бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, медиа орталықтағы мәселелер, мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳаққындағы мағлыўматларды өз ўақтында жәмийетшиликке жеткериў дәрежесин арттырыў, соның менен бирге мәмлекетлик уйымлардың ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде 2019-жылдың 27-июнь сәнесинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Ғалаба хабар қуралларының еркинлигин тәмийинлеў ҳәм мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң мәлимлеме хызметлерин раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-4366-санлы қарары қабыл етилди.
Онда мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң ашық-айдынлығын тәмийинлеў, ғалаба-хабар қураллары менен тығыз бирге ислесиў, республикамызда жүз берип атырған жаңалықлар, жәмийетлик-сиясий ҳәм социаллық-экономикалық раўажланыў процесслери ҳаққында турақлы түрде мағлыўмат берип барыў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилген.
Усы қарар менен республикамыздағы ҳәкимликлер менен министрликлер, басқарма, комитет ҳәм шөлкемлерде мәлимлеме хызмети лаўазымы енгизилип, олардың жумыслары шөлкемлестирилип, онда 56 мәлимлеме хызметкери жумыс алып бармақта.
Олар бүгинги күнде район ямаса Нөкис қаласында, тараўларда әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша жәмийетшиликке мағлыўмат берип барады. Бул бойынша олардың веб-сайт, социаллық тармақларда рәсмий бетлери шөлкеместирилген. Олар ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, журналистлер, интернет журналистлери, блогерлер менен тығыз байланыста жумыс алып бармақта.
Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен тастыйықланған медиа-реже тийкарында орынлардағы өндирислик кәрханалар, социаллық объектлерге медиа-турлар шөлкемлестирилип, оларда республикамыздағы ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўы тәмийинленбекте.
Атап айтқанда, 2021-жыл даўамында 302 баспасөз конференциясы, 229 медиа-тур ҳәм пресс-тур, 262 ашық сәўбет, 83 брифинглер өткерилип, онда қала ҳәм район ҳәкими, сектор басшылары, соның менен бирге, мәкеме кәрхана ҳәм шөлкем басшылары менен орынбасарлары, жуўаплы хызметкерлердиң қатнасыўы тәмийинленди.
Сондай-ақ, пуқаралар тәрепинен социаллық тармақлар арқалы билдирилген машқалаларды сапластырыў, мүрәжатларды үйрениў ҳәм нәтийжесин кең жәмийетшиликке жеткериў бағдарында да сезилерли жумыслар әмелге асырылып келинбекте.
2021-жылдың 12 айы даўамында социаллық тармақлар арқалы жәрияланған ҳәм тийкарлы деп табылған 182 мүрәжат ямаса сын материал Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигиниң мониторинг бөлими тәрепинен дизимге алынды. Бул материалларда тийкарынан елатлы пунктлердеги ишки жоллар, электр энергиясындағы үзилислер, ишимлик суўы тәмийнаты, бәнтлик, банк-кредит, турақ жай менен тәмийинлеў ҳәм оны оңлаў, напақа пуллары, материаллық жәрдем сыяқлы мазмундағы машқалалар көтерилген.
Жолланған мүрәжат ҳәм сын материаллар Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен қадағалаўға алынып, тийислилигинше ҳәкимликлер менен мәкемелерге бөлистирилди ҳәм орынланыўы бойынша есап берип барылды.
Сондай-ақ, социаллық тармақлар арқалы жәрияланған ононим, тийкарсыз ҳәм жалған материаллар да мәлимлеме хызметлери тәрепинен қадағалаўға алынып, оларды анықластырыў ҳәм сапластырыў, сондай-ақ, пуқараларға тезлик пенен тастыйықланған рәсмий мәлимлеме жеткериў илажлары көрилип келинбекте.
Мәлимлеме хызметин және де жетилистириў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен тастыйықланған медиа-реже тийкарында белгиленген илажларды өз ўақтында өткермеген ҳәм талап дәрежесинде шөлкемлестирмеген, соның менен бирге, электрон мүрәжатлар ҳәкимликлер менен министрликлерге, комитет, басқарма ҳәм шөлкемлерге пуқаралардың аралықтан турып электрон мүрәжат етиў ботларын жүргизиў бойынша бир қанша қәте-кемшиликлерге жол қойған ҳәкимликлер менен министрликлердиң мәлимлеме хызметкерлериниң жумысы үйренип шығылып, тийисли тәртипте шара көрилди.
Өткен жылғы кемшиликлерди сапластырып, мәлимлеме хызметкерлериниң жумысын буннан былайда раўажландырыў, кең жәмийетшиликке тез ҳәм исенимли мәлимлеме бериў бағдарындағы жумысларды жетилистириў быйылғы жылғы баслы ўазыйпамыз болып табылады.
А.Ажимуратов,
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер
Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги