Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Шарўашылық тармақларын буннан былай да раўажландырыў, шарўашылық хожалықларын қаржылай қоллап-қуўатлаў, шарўа от-жем базасын буннан былай да көбейтиў, сондай-ақ, халықтың ири шарўашылық хожалықлары ҳәм шарўашылық өнимлерин қайта ислеўшилер менен биргеликтеги жумысы тийкарында (кейинги орынларда – кооперация усылында) өз шаңарақларында шарўашылық малларын бағыўды шөлкемлестириў ҳәм шарўа от-жем базасына болған талабын қанаатландырыў мақсетинде:

  1. Төмендегилер:

пахта ҳәм ғәлле жетистириўши субъектлер тәрепинен 2 миллион гектар суўғарылатуғын жер майданының 10 процентине алмаслап егиў тәмийинленетуғын жер майданларының көлеми 1-қосымшаға муўапық;

2022-2024 жылларда пахта-тоқымашылық, ғәллешилик ҳәм салыгершилик кластерлери тәрепинен шөлкемлестирилетуғын  шарўашылық комплекслеринде шарўа бас санын көбейтиў ҳәм шарўашылық өнимлерин ислеп шығарыў прогноз көрсеткишлери 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Бас министрдиң орынбасары Ш.Ғаниев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәкимлери ҳәм Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети (Б.Норқобилов):

Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте усы қарарға 1-қосымшаға муўапық көлемдеги жер майданларында жоңышқа ҳәм шарўа от-жем егинлери егилиўин;

«Өзбекстан пахта-тоқымашылық кластерлери» ассоциациясы және пахта-тоқымашылық, ғәллешилик ҳәм салыгершилик кластерлери менен биргеликте усы қарарға  2-қосымшаға муўапық кластерлер тәрепинен 500 –1 000 басқа мөлшерленген шарўашылық комплекслери шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлери:

Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте 2022-2023-жылларда ҳәр бир районда кеминде 1 гөш ҳәм сүт өнимлерин жетистиретуғын ҳәм қайта ислеўши кәрханалар тәрепинен шаңарақларға кооперация усылында шарўа малларын жеткерип бериўди ҳәм жетистирилген өнимлерди қайта ислеў ҳәм сатыўды шөлкемлестирсин.

Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте өзлестирилетуғын ҳәм бос турған жер майданлары есабынан халықтың үйлерине кооперация усылында шарўа малларын жеткерип бериўди ҳәм жетистирилген шарўашылық өнимлерин қайта ислеўди шөлкемлестирген гөш ҳәм сүт өнимлерин жетистиретуғын ҳәм қайта ислеўши кәрханаларға, халыққа шарўа от-жемин жеткерип бериў шәрти менен, бас санына сәйкес түрде от-жем жерлериниң ашық электрон таңлаў тийкарында ижараға берилиўин тәмийинлесин;

от-жем базасын жетистириў ушын суўғарылатуғын жер майданлары жетиспеўшилиги болған районларда гөш ҳәм сүт өнимлерине болған тутыныў талабын толық қанаатландырыў мақсетинде кооперация усылында гөш ҳәм сүт өнимлерин жетистириў ҳәм қайта ислеўди жолға қойған хожалық жүргизиўши субъектлерге Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар шегаралары көлеминде бир районда кооперация усылында гөш ҳәм сүт өнимлерин жетистириўди шөлкемлестириў және басқа да районда от-жем егинлерин жетистириў ушын ашық электрон таңлаў тийкарында суўғарылатуғын жерлер ажыратыўды тәмийинлесин. Онда, кооперация усылында жумыс алып баратуғын субъектлерге усы қарарда белгиленген барлық жеңилликлер қолланылады.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған бола кооперация усылында гөш ҳәм сүт өнимлерин жеткериў ҳәм қайта ислеўди жолға қойған хожалық жүргизиўши субъектлерге:

Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры есабынан шарўашылық бойынша, соның ишинде, шарўашылық комплекслерин қурыў, қарамал ҳәм қой-ешкилер менен нәсилли шарўа малларын сатып алыў, шарўа өнимлерин жетистириў ҳәм қайта ислеў бойынша жойбарларды әмелге асырыў ушын коммерциялық банклер тәрепинен ажыратылатуғын 20 миллиард сумға шекемги муғдардағы кредитлер бойынша процент ставкасының Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң тийкарғы ставкасынан асатуғын, бирақ 8 процент пунктинен көп болмаған бөлегине компенсация және кредит суммасының 50 проценти муғдарында кепиллик усынылады;

шарўашылық бағдарында тартылатуғын халықаралық қаржы институтларының кредит қаржылары 10 жыл мүддетке 3 жыл жеңилликли дәўир менен ажыратылады.

Коммерциялық банклерге шарўашылық тараўындағы жойбарларды қаржыландырыў, соның ишинде, айланба қаржыларды толтырыў ҳәм модернизациялаў ушын усы қарар қабыл етилгенине шекем ажыратылатуғын кредитлердиң қайтарыў мүддетин он жылға шекем исбилерменлердиң арзаларына бола создырыў усыныс етилсин.

  1. 2022-жыл 1-январьдан баслап 2023-жыл 31-декабрьге шекем:

 қосымша қун салығы төлеўшиси болған шарўашылық хожалықларына  –  өз хожалықларында ҳәм халық шаңарақлары менен биргеликте кооперация усылында жетистирилип, гөш ушын реализацияланған қарамал ҳәм қой-ешкилердиң тирилей салмағының ҳәр бир килограммы ушын субсидияның муғдары 2 000 сумнан 4 000 сумға шекем және сүттиң ҳәр бир литри ушын 200 сумнан 400 сумға көбейтилетуғыны. Онда, субсидия қосылған қун салығынан ўақытша азат етиў бойынша жеңиллик әмелде болған дәўир ушын төленетуғыны;

шарўашылық хожалықлары тәрепинен кредит ҳәм лизинг шәртлери тийкарында сатып алынған аўыл хожалығы техникалары кредит ҳәм лизинг процент қәрежетлериниң 10 процент пунктинен зыят бөлеги Қаржы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қоры тәрепинен республикалық бюджет есабынан қаплап берилетуғыны;

от-жем егислик жер майданларында жаўынлатып ҳәм тамшылатып суўғарыў технологияларын енгизген шарўашылық хожалықларына оның ҳәр бир гектары ушын 8 миллион сум муғдарында республикалық бюджет есабынан белгиленген тәртипте субсидия ажыратылатуғыны;

гидропоника усылында шарўа малларына азықлық жетистириў үскенелерин сатып алыў қәрежетиниң 20 проценти республикалық бюджет есабынан қаплап берилетуғыны. Онда, усы үскене баҳасының 100 миллион сумнан аспаған бөлеги қапланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Исбилерменлик субъектлери тәрепинен орнатылған тәртипте қәлиплестирилетуғын дизим бойынша сырттан алып келинетуғын, ислеп шығарылғанына 5 жылдан аспаған от-жемлик егинлерин егиў, жыйнаў ҳәм от-жем таярлаў аўыл хожалығы техникалары, олардың комплектлеўши буйымлары ҳәм аўысық бөлеклери, бурынғысынан басқаша тәризде, 2025-жыл 1-мартқа шекем бажыхана төлемлеринен (қосымша қун салығы ҳәм бажыхана рәсмийлестириўи жыйымларынан тысқары) ҳәм утилизация жыйымынан азат етилсин және исбилерменлик субъектлерине «еркин айланысқа шығарыў» бажыхана режимине жайластырылған сәнеден баслап қосымша қун салығын 180 күнге шекемги болған мүддетке кешиктирип төлеўге рухсат берилсин.
  2. Суў хожалығы министрлиги Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте ҳәр бир районның контурлары кесиминде вегетация дәўиринде ажыратылатуғын суў лимитлери және от-жемлик егин түрлериниң суўға болған талабынан келип шыққан ҳалда, күнделик түринде жаңаланып барылатуғын суўғарыў графиклери ҳаққындағы мәлимлемени өз ишине алатуғын электрон онлайн платформаны шөлкемлестирсин.
  3. Төмендегилерге:

а) Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ш.Ғаниевке, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығына ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлерине:

пахта ҳәм ғәлле жетистиретуғын субъектлер тәрепинен усы қарарға 1-қосымшаға муўапық көлемдеги жер майданларына жоңышқа ҳәм от-жем егинлерин егиў;

пахта-тоқымышылық, ғәллешилик ҳәм салыгершилик кластерлери тәрепинен усы қарарға 2-қосымшаға муўапық шарўашылық комплекслерин шөлкемлестириў;

ҳәр бир районда кеминде 1 гөш ҳәм 1 сүт бағдарында гөш ҳәм сүт өнимлерин жетистиретуғын ҳәм қайта ислейтуғын кәрханалар тәрепинен шаңарақларға кооперация усылында шарўа малларын жеткерип бериўди ҳәм жетистирилген шарўашылық өнимлерин қайта ислеўди шөлкемлестириў;

б) Мәмлекетлик салық комитетитиң баслығы Ш.Кубдиевке:

қарамал ҳәм қой-ешкилердиң тирилей салмағының ҳәр килограммы ушын ҳәм сүттиң ҳәр литри ушын субсидия алған хожалық объектлери қосымша қун салығы төлеўшиси сыпатында салық уйымларында дизимнен өткерилгенин қадағалап барыў;

усы қарарға 1-қосымшаға муўапық көлемдеги жер майданларында жоңышқа ҳәм шарўашылық от-жем егинлери егилгенин қадағалап барыў ҳәм ҳәр шеректе Шарўашылық ҳәм оның тармақларын раўажландырыў Республикалық кеңесине мәлимлеме киргизип барыў;

в) суў хожалығы министри Ш.Хамраевқа электрон онлайн платформаның белгиленген мүддетте иске түсирилиўин ҳәм оның турақлы түрде жаңаланып барылыўын тәмийинлеў;

г) Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы Б.Норқобиловқа ҳәм «Өзбекшарўанәсил» агентлиги директоры Б.Атамуродовқа қарардың өз ўақтында ҳәм нәтийжели орынланыўының тәмийинлеў ҳәм жүзеге келетуғын машқалаларды сапластырыў бойынша Шарўашылық ҳәм оның тармақларын раўажландырыў Республикалық кеңесине ҳәм Министрлер Кабинетине усыныслар киргизиў бойынша жуўапкершилик жүкленсин.

  1. Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Аўыл хожалығы министрлиги, Әдиллик министрлиги, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ш.М.Ғаниевке жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 8-февраль