«14-январ –Ўатан қорғаўшылары күни» ҳәм  «Өзбекстан Республикасы Қураллы күшлери дүзилгенлигиниӊ 30 жыллығы»  байрамы мүнәсибети менен  Қараөзек районындағы 16-санлы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде волейбол бойынша район бириншилиги ушын жарыс болып өтти.

Оған район аймағында жасаўшы жаслар арасынан дүзилген 11 команда қатнасты.  Жарыс жуўмағында барлық қарсылас командаларын жеӊип шыққан «Есимөзек» аўыл пуқаралар жыйыныныӊ «Есимөзек» командасы биринши орынды ийелеген болса, «А.Досназаров»  елатыныӊ волейболшылары екинши, «Мәденият»лы  жаслар үшинши орынға ылайық деп табылды.

Бириншилик жуўмағында жарыс жеӊимпазлары Қараөзек районы ҳәкимлиги ҳәм Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими тәрепинен медаль ҳәм қымбат баҳалы естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы