Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде спортттыӊ шахмат түри бойынша ректор кубоги ушын жарыс болып өтти.

Оған университеттиӊ профессор-оқытыўшылары ҳәм техник хызметкерлери менен бирге, усы оқыў дәргайына жақын аймақта жайласқан мәкан пуқаралар жыйынларында жасаўшы мектеп жасындағы балалар қатнасты.

Өз-ара қызғын гүреслерге бай болып өткен жарыс жуўмағында, профессор-оқытыўшылар ҳәм техник хызметкерлер арасында 1-орынды Дене мәденияты факультетинен Жалғас Өтегенов, 2-орынды, география ҳәм тәбийғый ресурслар факультетинен Ерназар Сәнетуллаев, 3-орынды сыртқы бөлимнен Елмурат Джәримбетовлар ийелеген болса, балалар арасында 1-орынды Т.Қәдирбергенов, 2-орынды Ғ.Қәдирбаев, 3-орынды М.Жуманиязовлар ийелеўге миясар болды.

Жарыс соӊында жеӊимпазлар ректор кубоги ҳәм басқа да баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы