Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң ўәкиллери Арқа-батыс әскерий округи әскерлериниң сәркардасы полковник Фарҳоджон Шерматов, қалалық ҳәм районлық ҳәкимликлер ҳәм мәмлекетлик және жәмийетлик шөлкемлердиң ағзалары Екинши жер жүзилик урыста фашизм үстинен ерисилген Уллы жеңиске шексиз үлес қосқан ветеранларға Президент саўғаларын тапсырды.

Соның ишинде, Жаңа жыл байрамы алдынан Нөкис қаласында жасап атырған Қәдирбай Нарманов, Хожели районында өмир сүрип атырған Нурулла Исаков, Қанлыкөл районынан Оразбай Наметуллаев, Қараөзек районында жасап атырған Генжемурат Алланиязов, төрткүлли Иван Галенконың жағдайынан хабар алды.

Екинши жер жүзилик урыста 66 мың қарақалпақстанлы қатнасқан ҳәм олардан 34 мыңы саўаш майданларында қайтыс болған. Фронтқа мобилизацияланған 14 мыңнан аслам жерлесимиз жаўынгерлик хызметлери ушын сыйлықлар менен сыйлықланған. Бүгинги тыныш күнлерде қарақалпақстанлы 5 екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы арамызда жасап атыр.

Илажларда Өзбекстан Республикасы Президентиниң Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларына жоллаған байрам қутлықлаўы оқып еситтирилди, саўға-сәлемлери ҳәм материаллық жәрдем, жаңадан жарық көрген «Өзбекстан Екинши жер жүзилик урыс дәўиринде» атамасындағы китап, дәри-дәрмақ ушын 1 миллион сум муғдарында сертификат, бирлемши азық-аўқат өнимлери жеткерип берилди.

Аталарға «Өзбекстан Республикасы ғәрезсзлигиниң 30 жыллығы» көкирек белгиси салтанатлы тәризде тапсырылды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы