Усы жылдың 17-19-декабрь күнлери аралығында Россия Федерациясының Башқуртстан Республикасы Уфа қаласында белбеўли гүрес бойынша Жәҳән кубогы жарыслары болып өтти.

Еркеклер ҳәм ҳаял-қызлар арасында болып өткен Жәҳән кубогы беллесиўлерине дүньяның 25 мәмлекетинен 200 ден аслам палўанлар қатнасты.

Қуўанышлысы, Өзбекстан сайланды командасы қурамында беллесиўлерге қатнасқан Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районынан болған палўан Бекет Қалжанбаев Жәҳән кубогында 3-орынды ийелеп, бронза медалын қолға киргизди.

Жарыста Өзбекстан сайланды командасы командалық есапта сыйлы 3-орынды ийеледи.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.