Усы жыл 21-22-декабрь күнлери Самарқанд ўәлаяты Каратэ-до федерациясыныӊ шөлкемлестириўи менен ҳәр жыл сайын жаӊа жыл қарсаӊында өткерилип киятырған «Қарбобо кубоги» спорт жарысы болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм барлық ўәлаятлардан жас каратэшилер қатнасқан бул жарыста республикамыз командасы қурамында Беруний, Әмиўдәрья районларындағы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплери ҳәм “Leader Karate Klubi”  тәрбияланыўшылары да мүнәсип түрде қатнасып қайтты.

Атап айтқанда, берунийли Жошқин Нуратдинов биринши, Лайло Нуратдинова, әмиўдәрьялы Хурсанд Мадрахимовлар екинши,  Жавоҳир Салиев, Асылбек Раджапбаев , Валижан Муратов, Жаҳангир Оразымбетов, Асадбек Кәримбаев, Фазлиддин Тажиниязов, Авазбек Камалов, Жасурбек Оразбаев , Қундызай Хошназарова , берунийли Сәрдар Рейимбергенов, Темур Махсуджановлар үшинши орынларды ийелеп, республикамыз командасыныӊ улыўмалық есапта 3-орынды ийелеўине өзлериниӊ салмақлы үлеслерин қосты.

Сондай-ақ, бул жарыста ересеклер арасында да беллесиўлер шөлкемлестирилип, онда әмиўдәрьялы тренер Адҳам Ибрагимов  +75 салмақта барлық қарсыласларын жеӊип шығып, кубок ийесине айланды.

Жарыс жуўмағында улыўма командалық есапта Самарқанд ўәлаяты биринши, Ташкент қаласы екинши, Қарақалпақстан Республикасы спортшылары үшинши орынларды ийелеўге миясар болып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом, медаль ҳәм кубок пенен сыйлықланды.

Жас каратэшилерди бул жарысқа тренерлерден Сапармурат Сахиев ҳәм Адҳам Ибрагимовлар таярлады.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы