Усы жыл 11-12- декабрь күнлери Россия пайтахты Москва қаласында  каратэ- WSF бойынша жәҳән кубоги жарыслары болып өтип, онда бир топар берунийли жас спортшылар жеӊимпазлықты қолға киргизген еди.

Атап айтқанда,   Дәстанбек Ҳамраев, Асадбек Байрамов, Сәрдар Пардабаевлар жәҳән кубогинде алтын, Алибек Палванов ҳәм спорт мектеби тренери Жәйҳун Аметовлар гүмис медалын қолға киргизип, елимиз байрағыныӊ жоқары көтерилип, гимнимиздиӊ жаӊлаўына себепши болды.

Үргенш халықаралық аэропортында усы жеӊимпаз спортшылар ҳәм оныӊ тренерлери Беруний районы ҳәкимлиги, спорт бөлими ҳәм олардыӊ ата-аналары тәрепинен салтанатлы жағдайда күтип алынды.

-Бул жарысқа районымыздан 6 спортшы қатнасқан едик,-дейди жас каратэшилердиӊ тренери Жайҳун Аметов.-Буннан алдын 2015-жылы Дубай қаласында өткерилген Азия чемпионатында, 2019-жылы Қазақстанда болып өткен Орайлық Азия чемпионатында 2-орынды ийелеген едим. Москвада өткерилген жәҳән кубогинде де финальға шекем Грузия, Армения, Россиялы қарсыласларымды жеӊип шығып, финаль беллесиўине аяғымдағы жарақат себепли шыға алмадым ҳәм жарыстыӊ гүмис медалы менен сыйлықландым. Бизлердиӊ бул ерискен жетискенликлеримиз шәкиртлеримиздиӊ өзлерине деген исенимин беккемледи. Алдағы ўақытлары да мектебимиз тәрбияланыўшылары арасынан жәҳән ҳәм азия чемпионларын жетилистирип шығарамыз, деген жақсы нийетимиз бар.

Буннан соӊ спортшыларды Беруний районы ҳәкими Атабек Сапарбаев өз қабыллаўханасында қабыллап, оларды қолға киргизген табыслары менен қызғын қутлықлады ҳәм алдағы спорт жарысларында да жоқары табысларға ерисиўине тилеклеслик билдирди. Соӊынан район ҳәкими тәрепинен жеӊимпаз спортшылар ҳәм олардыӊ тренерлерине естелик саўғалары тапсырылды.

 

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы