8-15-декабрь күнлери аралығында пайтахтымыз Нөкис қаласында спорттың волейбол түри бойынша қызлар арасында XXIII Өзбекстан кубогы, сондай-ақ, еркеклер арасында XXVIII Өзбекстан кубогы жарыслары болып өтти.

Қызлар арасында өткерилген жарысқа Қарақалпақстан Республикасы атынан Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының қызлар сайланды командасы қатнасты. Жарыс жуўмағында Жиззақ ўәлаяты қызлары 1-орынды ийелеген болса, майдан ийелери есапланған НМПИ сайланды командасы қызлары сыйлы 2-орынды бәнтледи. 3-орын Үргениш мәмлекетлик университети қызларына несип етти.

Әҳмийетлиси, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының қызлар сайланды командасы ағзаларынан А.Жолдасбаева, Н.Рейимбаева, У.Турғанбаева, сондай-ақ, команда бас тренери Азат Казаков Өзбекстан сайланды командасы қурамында усы жылдың 20-декабрь күни Бангладеште болып өтетуғын Азия чемпионатына қатнасатуғын болды.

Жарыс жуўмағында сайланды командамыз бас тренери, спорт ветераны Азат Казаков “Өзбекстан кубогының ең жақсы тренери” номинациясы менен сыйлықланды.

Еслетип өтемиз, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының қызлар сайланды командасы волейбол бойынша усы жылғы Өзбекстан суперкубогының жеңимпазы есапланады.

Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.