Жумысшылардың, әсиресе, жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, сондай-ақ, олардың саламатлығын беккемлеў мақсетинде оқыў орынларында, мәкеме ҳәм шөлкемлерде ҳәр қыйлы спорт жарыслары шөлкемлестирилмекте.

Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы ТИТУ Нөкис филиалында «Ректор кубоги» ушын спорттың киши футбол түри бойынша  жарыс шөлкемлестирилди.

Жарысқа Қарақалпақстан Агро ИТ техникумы, Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы ТИТУ Нөкис филиалы, ТИТУ Нөкис филиалы академиялық лицейи командалары қатнасты.

Қызғын беллесиўлер менен өткен жарыс жуўмағына бола, Қарақалпақстан Агро ИТ техникумы биринши, Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы ТИТУ Нөкис филиалы екинши, ТИТУ академиялық лицейиниң командасы үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги