Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги уйымлары хызметкерлери арасында жәрияланған «Кәсиплик таярлық» айлығы шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер уйымларында хызмет етип атырған хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары арасында «Атам, анам ҳәм мен» спорт жарысы өткерилди
Жәми 9 шаңарақ қатнасқан жарыс қатнасыўшылары тосықлар арасынан өтиў, шаққанлық ҳәм мергенлик, шебер ҳүжимши шәртлери бойынша өз-ара беллести.
Жарыста шаңарақ ағзалары менен биргеликте барлық шәртлерди жоқары дәрежеде орынлаған Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги «Темурбеклер мектеби» әскерий академиялық лицейи хызметкери Н.Оразымбетовтың шаңарағы биринши, министрликтиң патруль-пост ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасының хызметкери Н.Раметуллаевтың шаңарағы екинши, «Темурбеклер мектеби» әскерий академиялық лицейи хызметкери Ш.Қудайбергеновтың шаңарағы үшинши орынды ийеледи.
Жеңимпазларды Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары, полковник И.Ахмедов қутлықлап, оларға медаль, диплом ҳәм естелик саўғаларын тапсырды. Ҳәр бир хызметкердиң тек ғана өзи емес, ал, шаңарақ ағзалары менен турақлы түрде спорт пенен шуғылланып, саламат турмыс тәрезине әмел етсе, хызмет барысында жоқары нәтийжелерге ерисиўинде айрықша әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги