«Өзбекстан жаслары форумы-2021» шеңберинде Нөкис қаласында «Street workout» беллесиўиниң Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.

Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Туризм ҳәм спорт бас басқармасы тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген илажға қалалық ҳәм районлық басқышлардың жеңимпазлары қатнасты. Олар белгиленген ўақытта тартылыў,  парельлел бруста қол шынығыўы ҳәм жерге таянған ҳалда қол ҳәм аяқ шынығыўлары бойынша өзлериниң шеберликлерин көрсетти.

Беллесиў жуўмағында Нөкис қаласынан  Мийрас Тәңирбергенов биринши, Жамал Абибуллаев екинши, Тақыятас районынан Данил Цой, Шымбай районынан Мийрас Бийсенбаев үшинши орынларды ийеледи. Оларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Беллесиў жеңимпазы Мийрас Тәңирбергенов елимиз көлеминде өткерилиетуғын келеси басқышқа жоллама алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги