Олий Мажлис Нызамшылық палатасында «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына және Өзбекстан Республикасының Мийнет кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша додалаўлар болып өтпекте.
Булар қандай өзгерислер ҳәм қосымшалар?
Әмелдеги нызамшылыққа муўапық бағыўшысын жойытқаны ушын пенсиясы қарамағындағы шахсларға олар 16 жасқа толғанына шекем, оқыўшы болса 18 жасқа толғанына шекем төленеди. Пуқара 18 жасқа толғанда, көбинесе жоқары оқыў орнына оқыўға киреди, Тәбийғый, ол оқыў менен бәнт болған дәўирде тәмийнатсыз қалып кетеди.
Ендиги редакцияға бола бағыўшысын жойытқаны ушын пенсия төлемлерин марҳумның қарамағындағы перзентлерине, олар 18 жасқа шекем, яғный, және 2 жылға созылмақта. Егер улыўма орта билимлендириў мәкемеси, академиялық лицей ҳәм жоқары билимлендириў мәкемесинде оқып атырған болса, 23 жасқа толғанға шекем, яғный 5 жылға созылған ҳалда бағыўшысын жойытқаны ушын пенсияны төлеў усыныс етилмекте.
Бул болса, жетим балалардың ҳуқықлары менен еркинликлерин жүзеге шығарыў, социаллық қорғаўды күшейтиў, оларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў механизмлерин және де жетилистириў есапланады.
Сондай-ақ, майыплығы балалықтан болған балаларға әмелде 16 жасқа шекем қараған дәўирин жумыс стажына қосып есапланып атырған болса, бул мүддет те 2 жылға созылып, 18 жасқа шекем етип өзгертилмекте.
Және бир мәселе, ҳәзирги ўвқыттағы нызамшылыққа тийкарланып, баланы тәрбиялаў дем алыслары дәўиринде ҳаял-қыздың жумыс орны (лаўазымы) сақланған ҳалда бул дем алыслар мийнет стажына, бирақ ҳәммесин жәмлегенде, көбиси менен 3 жыл мийнет стажына да қосылады. Бул болса, көп жағдайларда ҳаял-қызлардың бала тәрбиялаў дәўиринде баласын ҳәр тәреплеме саламат етип тәрбиялаў орнына жумысқа шығыўға да мәжбүр болмақта.
Қалаберди, усы тәртип бойынша басқа да мәмлекетлердиң тәжирийбеси үйренилгенде, Армения, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Россия мәмлекетлеринде 6 жыллық дәўир ҳаял-қызларға пенсия есаплаўда бала тәрбиясы дем алысында болыў ўақты жумыс стажына қосып есапланады.
Жоқарыдағыларға тийкарланып, ҳаял-қызларға пенсия есаплаўда оларды социаллық қорғаўды және де беккемлеў ҳәм олардың бала тәрбиясы дәўиринде болыў дем алыс ўақтын мүнәсип хошаметлеў әҳмийетли екенлигинен келип шығып бала тәрбиялаў дем алысларын мийнет стажына қосымша және 3 жыл қосылатуғыны усыныс етилмекте. Яғный, бул нызам жойбары тастыйықланыўы менен ҳәммесин жәмлегенде баланы тәрбиялаў дем алыслары дәўиринде болыў ўақтының 6 жылы жумыс стажына қосып есапланады.
Фирдавс ШАРИПОВ,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты,
ӨзХДП фракциясы ҳәм Мийнет ҳәм социаллық
мәселелер комитетиниң ағзасы