11-12-декабрь күнлери спорттыӊ каратэ бойынша Наўайы ўәлаятыныӊ ашық чемпионаты болып өтти.
Бул ашық бириншиликте Беруний районы Балалар ҳәм жас өспиримлер мектеби ҳәм “Leader karate klub” тыӊ тәрбияланыўшылары да қатнасып, онда Темур Махсуджанов, Шахзад Нарбаевлар алтын, Воҳиджан Ғаниев, Ерлан Қуўанышов, Жәҳәнгир Султанбаевлар гүмис, Сәрдар Райымбергенов қола медалын қолға киргизиўге миясар болды.
-Бизлер өз шәкиртлеримизди 2009-жылдан берли каратэ-VKF бойынша шуғылландырып киятырмыз,-дейди жас спортшылардыӊ тренери Сапармурат Сахиев.-Усы жыллар ишинде мектебимиз тәрбияланыўшылары арасынан Қарақалпақстан, Өзбекстан, Азия ҳәм жәҳән бириншиликлериниӊ жеӊимпазлары жетилисип шықпақта. Атап айтатуғын болсақ, Дәстанбек Ҳамраев, Асадбек Байрамов, Сәрдар Пардабаевлар усы жылдыӊ 11-12-декабрь күнлери Москва қаласында болып өткен жәҳән кубогинде алтын, Алибек Палванов ҳәм спорт-мектеби тренери Жәйҳун Аметовлар гүмис медалын қолға киргизип, мәмлекетимиз байрағын желбиретиўге миясар болды. Алдағы ўақытлары да жаслар менен бирге шынығыўларды даўам етип, олимпиада чемпионларын жетилистирип шығарыў ушын бар күш-жигеримизди аямай жумсай беремиз.
Шынында да, бүгинги күни Беруний районынында спортттыӊ шотокан каратэ-VKF түри менен шуғылланыўшы жаслар оғада көп. Олар арасынан тренер Сапармурат Сахиев айтқанындай Олимпиада чемпионлары жетилисип шықса тәәжип емес.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы