Республикамызда басланған «Өзбекстан жаслары форумы-2021» шеңберинде Қараөзек районында 30 жасқа шекемги жаслар арасында командалық ылақ ойыны жарысы болып өтти.

Оған Тахтакөпир, Қараөзек, Шымбай, Бозатаў, Кегейли ҳәм Нөкис районларынан 14 команда қатнасты.

Жарыс жуўмағында Қараөзек районы ишки ислер бөлиминиң командасы биринши, Қараөзек районы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң командасы екинши, Қараөзек районлар аралық қорғаў бөлиминиң командасы үшинши орынларды ийеледи.

Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерине жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Туризм ҳәм спорт бас басқармасы, Қараөзек районы ҳәкимлиги, Миллий гвардияның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Жарыс жеңимпазы Қараөзек районы ишки ислер бөлиминиң командасы Бухара ўәлаятында болып өтетуғын гезектеги басқышқа жоллама алды.

«Өзбекстан жаслары форумы-2021» шеңберинде сондай-ақ, Нөкис қаласында жәмлеспеген жаслар арасында мини футбол бойынша «Мәҳәлле» кубоги жарысы өткерилип, жеңимпазлар анықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги