Нөкисте Өзбекстан «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы тәрепинен быйылғы жылы әмелге асырылған жумыслар ҳәм алдағы режелерге бағышланған илаж болып өтти.
Онда «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды республикалық басқармасының баслығы Д.Усманов ҳәм басқа да шығып сөйлеўшилер, пуқаралар жыйынлары әзелден тәрбия орталығы, адамлардың абадан, жәмлескенлик тийкарында турмыс кешириўин тәмийинлеўши орын екенлиги атап өтти. Бай турмыслық тәжирийбеге ийе кекселер, көпти көрген нуранийлар пуқаралар жыйынларындағы той-мерекелерди басқарған. Аймақ турғынларына барлық мәселелерде жол-жоба, мәсләҳәт берип барған.
Ҳәр бир шаңарақтың тыныш-татыўлығы, ҳәр бир адамның минез-қулқы, жүрис-турысы жасы үлкенлер тәрепинен қадағаланып барылған. Сонлықтанда пуқаралар жыйынлары мазмун-мәниси жағынан халқымыздың миллий қәдириятлары, үрп-әдетлери қәстерленген, өзине тән тәрбия ҳәм руўхыйлық бесиги есапланады. Соның ушын да ол жәмийетте тынышлық-татыўлық, өз-ара ҳүрмет, мийрим-шәпәәт, шаңарақлардың беккемлигин сақлаў, саламат ҳәм бәркамал әўладты тәрбиялаў, пуқаралардың күнделикли машқалаларын шешиўде халыққа ең жақын социаллық структура болып табылады.
«Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды тәрепинен пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының материаллық–техникалық базасын беккемлеў, тараў хызметкерлерин қоллап-қуўатлаў бағдарында бир қатар жумыслар алып барылмақта.
Илажда фонд тәрепинен бир қатар пуқаралар жыйынларына компьютер комплектлери ҳәм мебельлер тапсырылды. Атап айтқанда, 35 пуқаралар жыйынына 155 миллион сумлық компьютер комплекти ҳәм принтер, 39 пуқаралар жыйынына 108 миллион сумлық мебель берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги