Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министриниң орынбасары Ғайрат Фозилов БМШ Балалар қорының (ЮНИСЕФ) Европа ҳәм Орайлық Азия бойынша регионаллық директоры Афшон Хан менен ушырасыў өткерди.

Мийман мәмлекетимизге Жәҳән балаларды қорғаў күни ҳәм ЮНИСЕФтиң 75 жыллығына бағышланған «Майып балалар ушын инклюзивликти тәмийинлеў» халықаралық веб-форумында қатнасыў ушын келген.

Сөйлесиў даўамында Өзбекстан ҳәм ЮНИСЕФ арасындағы бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм жақын келешектеги әҳмийетли ўазыйпалар додаланды.

ЮНИСЕФ басшысына Өзбекстанда балаларды социаллық қорғаўды тәмийинлеў, аналар ҳәм балалар саламатлығын қорғаў және беккемлеў, билимлендириў системасын жетилистириў, сапалы медициналық хызметтен пайдаланыў имканиятын кеңейтиў бойынша әмелге асырылып атырған әмелий илажлар бойынша ҳәр тәреплеме мағлыўмат берилди.

Өз гезегинде, Афшон Хан Өзбекстан ҳүкимети тәрепинен пуқаралар, әсиресе, тыныш емес аймақлардан ҳаял-қызлар ҳәм балаларды қайтарыў, олардың жәмийетке қайта бейимлесиўин тәмийинлеў, қайтарылған пуқараларға зәрүр шараят жаратыў мақсетинде әмелге асырылып атырған «Меҳир» гуманитарлық акциясын қоллап-қуўатлады.

Ушырасыўда Қордың 2021-2025-жылларға мөлшерленген Өзбекстан бойынша жаңа бирге ислесиў бағдарламасы шеңберинде қоспа жойбарларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

 

Сыртқы ислер министрлигиниң

баспасөз хызмети

ӨзА