Барлық тараўлардың раўажланыўында халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў, алдыңғы сырт ел тәжирийбелерин үйрениў ҳәм әмелиятта қолланыўдың әҳмийети үлкен.

Өзбекстан нотариал палатасы усы көзқарастан халықаралық бирге ислесиў байланысларын кеңейтпекте. Көплеген мәмлекетлердиң нотариал шөлкемлери менен өз-ара бирге ислесиў бойынша меморандумларға қол қойылды.

Соны айрықша айтыў орынлы, Өзбекстан нотариал палатасы Халықаралық нотариуслар аўқамына ағза болыў ҳәм мәмлекет нотариатын жәҳән нотариат системасы дәрежесине көтериў бойынша системалы жумысларды даўам еттирип атыр.

Нотариал палата енди Франция және Россия мәмлекетлериниң Нотариал палаталары менен де бирге ислесиўди раўажландырады.

Өзбекстан нотариал палатасына бул мәмлекетлер делегацияларының сапарында бул ҳаққында келисип алынды.

Нотариал палата баслығы Дилшод Ашуров мийманларды қабыл етип, оларға елимизде нотариал тараўды раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди.

Нотариал хызмет көрсетиўди заманагөйлестириў ҳәм қолайластырыў ушын бул тараў мәмлекетлик сектордан жеке меншик секторға өткерилгени унамлы нәтийже көрсетти. Жеке меншик нотариуслар жумыс сапасына итибар қаратып атырғаны, қарыйдарлар исенимин ақлаўға талпынып атырғаны тараўда өз-өзинен бюрократия, коррупция сыяқлы иллетлерди сапластырды.

«Нотариус» электрон мәлимлеме системасының иске қосылғаны жумыс алып барыўды тезлестириў менен бирге сапасына да үлкен унамлы тәсир етти.

Барлық нотариуслар палата менен биргеликте халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырыўға ҳәрекет етип атырғаны, яғный ашық сөйлесиўлерде пуқаралар менен пикирлесип, олардың сораўларына жуўап берип атырғаны жумыслар нәтийжелилигин арттырмақта.

Франция нотариуслары жоқары кеңеси және Россия Нотариал палатасы делегацияларының сапары дәслеп Бухара ҳәм Самарқанд ўәлаятларында жеке меншик әмелият пенен шуғылланыўшы нотариуслар жумысы менен жақыннан танысыўдан басланғанын айтып өтиў орынлы.

Өз-ара сөйлесиўде мийманлар электрон нотариат мәмлекеттиң барлық аймақларында бирдей ислеўи, «Нотариус» автоматластырылған мәлимлеме системасына басқа мәмлекетлик хызметлердиң интеграцияланғаны хызмет көрсетиўди қолайластырғанына гүўа болғанын атап өтти.

– Сапар даўамында Өзбекстан нотариат системасында жүз берген жаңалықлардың көп екенлиги бизди таң қалдырды,-дейди Верту қаласының нотариусы, Халықаралық нотариуслар аўқамының Шығыс Европа еллери менен бирге ислесиў бойынша жуўапкери Антуан Дежуа. – Өзбекстан нотариаты санластырыў жолында жедел баратырғаны итибарға ылайық. Электрон нотариат жойбары келешекте өз жемисин береди, деп ойлайман. Биз Өзбекстан Нотариал палатасының Халықаралық нотариуслар аўқамына ағза болыўын қәлеймиз ҳәм бул жолда жәрдемимизди аямаймыз. Франция нотариатының тәжирийбеси еки әсирге тең. Санластырыў мәмлекетке де, халыққа да пайда екени бизиң тәжирийбеде де өз тастыйығын тапы.

Делегация ағзалары, Ташкент қаласында жумыс ислеп атырған жеке меншик әмелият пенен шуғылланатуғын нотариуслар жумысы менен жақыннан танысты.

 

Н.Абдураимова,

ӨзА