11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни

Инсанниң қәдири барлық  нәрседен үстин. Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен жаңа Өзбекстанды қурыў процесинде әмелге асырылып атырған реформаларда әне усы тәреплерине үлкен итибар қаратылмақта.

Пайтахтымыздағы Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Мәмлекетлик академиялық үлкен театрында 11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни мүнәсибети менен өткерилген салтанатлы илажда бул тәреплер және бир мәрте өзиниң айқын көринисин тапты.

Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы тәрепинен шөлкемлестирилген усы салтанатлы илажда бул жәмийетлик структура, оның аймақлық кеңеслери, тармақ кәсиплик аўқамларының республикалық кеңеслери,  шерик министрликлер ҳәм уйымлар, шөлкемлер, сырт елли кәсиплик аўқам орайларының ўәкиллери, тараўдың белсендилери, түрли тараўларда мийнет етип атырған ўатанласларымыз қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтың Өзбекстан кәсиплик аўқамлары хызметкерлерине ҳәм белсендилерине қутлықлаўын Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Абдужаббор Абдуваҳидов оқып еситтирди.

Илажда Президентимиздиң басламасы менен инсан мәплерин тәмийинлеў жолында өткен бес жыл даўамында жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында алып барылып атырған кең көлемли реформалар ҳәм жаңаланыўлар, олардың салмақлы нәтийжелери айрықша атап өтилди.

Өткен қысқа ўақыт ишинде халқымыздың турмыс дәрежесин арттырыў, турмыс абаданлығын тәмийинлеў, халықаралық қатнасықларды беккемлеў, Өзбекстанның жәҳән көлеминдеги абырайын жоқарылатыў бағдарындағы ис-ҳәрекетлер өз нәтийжесин бермекте. Бул болса жаңаланып атырған жанажан Өзбекстанымыздың пуқараларының турмысында өзиниң айқын көринисин таппақта.

Елимизде жүз берип атырған жаңаланыў ҳәм өзгерислерде жаңа Өзбекстанның кәсиплик аўқамлары да белсене қатнасып, реформаларды қоллап-қуўатлаған ҳалда түрли тараў хызметкерлериниң социаллық-экономикалық мәплерин ҳәм мийнет тараўындағы ҳуқықларын қорғаў бағдарында системалы жумысларды әмелге асырмақта.

Өткен бес жыл жаңа Өзбекстанның кәсиплик аўқамлары турмысында да түпкиликли бурылыслар ҳәм өзгерислерге бай болды. Кәсиплик аўқамлары турмысындағы тарийхый ўақыялардан бири-2019-жылдың 6-декабринде Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен «Кәсиплик аўқамлары ҳаққында»ғы жаңа нызамға қол қойылды. Бул нызамның қабыл етилгени тараў жумысының раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығып, система ўәкилликлерин кеңейтеди. Кәсиплик аўқамлары инспекциясы қайта тикленди.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясының 2020-жылда болып өткен 8-қурылтайын қатнасыўшыларына жоллаған қутлықлаўында ғәрезсиз мәмлекетимиздиң тарийхында биринши мәрте 11-ноябрьди Кәсиплик аўқамлары күни, етип белгилеў усынысын билдирген соң, «Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күнин белгилеў ҳаққында»ғы нызам қабыл етилди ҳәм бул 5,5 миллионнан аслам ағзасына ийе болған кәсиплик аўқамларының турмысында умытылмас ўақыя сыпатында тарийхқа кирди.

Сондай-ақ, Президентимиздиң басламасы менен Кәсиплик аўқамлары Мийнет ҳәм социаллық қатнасықлар академиясы шөлкемлестирилди.

Кәсиплик аўқамлары федерациясы тәрепинен жуўмақланып атырған жылдың есабаты сыпатында өзиниң мүнәсип мийнети менен Ўатанымыздың раўажланыўы, халқымыздың абаданлығы, сондай-ақ, кәсиплик аўқамлары ҳәрекетиниң раўажланыўына үлес қосқан ең белсенди, пидәйы ҳәм интакер инсанлардың мийнетин тән алыў жақсы дәстүрге айланды.

Сәне мүнәсибети менен шөлкемлестирилген байрам илажында Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы тәрепинен ўатанымыздың раўажланыў жолында бар имканиятын иске қосып атырған ўатанласларымыздың бир топары сыйлықланды. Соның ишинде, елимиздиң раўажланыўы, оның потенциалын арттырыў жолында мийнет етип атырған бир топар ўатанласларымыз Федерацияның «Эҳтиром нишони» менен сыйлықланды. Оларға бул сыйлықты Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясының баслығы Қудратилла Рафиқов тапсырды.

Реформаларды қоллап-қуўатлаў, оларда белсене қатнасып атырған пуқараларды хошаметлеў, өз жумысында жетискенликлерге ерискен түрли тараў ўәкиллериниң мийнетин мүнәсип сыйлықлаў мақсетинде «Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы лауреаты» сыйлығы енгизилген еди. Илажда кәсиплик аўқамларының абырайын арттырыўға үлес қосып атырған өндирис, аўыл хожалығы, билимлендириў, илим ҳәм әдебият, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм көркем өнер, спорт, хызмет көрсетиў, коммуникация, ҳуқық қорғаў тараўларының ўәкиллерине «Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы лауреаты» сыйлығы тапсырылды.

Соның менен бирге, талантлы жасларды тәрбиялап атырған муғаллимлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў мақсетинде Федерация тәрепинен Халық билимлендириў министрлигиниң қатнасыўында билимлендириў орайларының математика, физика, химия, биология, инглис тили, информатика ҳәм мәлимлеме технологиялары пәнлериниң муғаллимлери арасында өткерилген «Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы лауреаты» сыйлығы республикалық таңлаўының жеңимпазлары сыйлықланды.

Бул таңлаў жәрияланғаннан соң, онда қатнасыў тилегин билдирген 5 мың 692 талабан арасынан таңлаў шәртлерине жуўап беретуғын 2 мың 714 муғаллим экспертлер тәрепинен таңлап алынып, екинши басқышқа жоллама берилди. Екинши басқыштың қатнасыўшылары арасында өткерилген тест сынақларының нәтийжелерине бола, 90 муғаллим таңлаўдың кейинги басқышында қатнасыў ҳуқықын қолға киргизди. Жеңимпазларды таңлаўда талабанлардың педагогикалық шеберлиги, кәсиплик аўқамының жумысы ҳәм мийнет ҳуқықы бағдарындағы билим ҳәм көнликпелери сынақтан өткерилди.

«Жаңа Өзбекстан-Жаңа Кәсиплик аўқамлары» сүрени астындағы салтанатлы илажда бул таңлаўда биринши орынға ылайық деп табылған устаз ҳәм тренерлер сыйлықланды.

Кейинги жылларда кәсиплик аўқамлары системасында халықаралық бирге ислесиў қатнасықлары беккемленип, жаңа басқышқа алып шығылды. Атап айтқанда, тараўдағы барлық халықаралық шөлкемлер ҳәм халықаралық кәсиплик аўқамларының орайлары менен беккем бирге ислесиў қатнасықлары орнатылды. Орайлық Азия мәмлекетлериниң түрлес шөлкемлери менен келисимлерге ерисилди. Халықаралық мийнет шөлкеми менен бирге ислесиў жаңа басқышқа көтерилди.

Бул бирге ислесиў нәтийжесине бола, салтанатлы байрам илажына туўысқан мәмлекетлердиң кәсиплик аўқамлары ҳәм халықаралық кәсиплик  аўқамлары орайларының ўәкиллери де келди.

Илажда қатнасқан Қазақстан Республикасы кәсиплик аўқамлары федерациясының баслығы Сатыбалды Даулеталин, Тәжикстан  ғәрезсиз кәсиплик  аўқамлары федерациясының баслығы Неъматзода Малишко Махмадшо, Египет Араб Республикасы коммуналлық кәрханалардың хызметкерлери кәсиплик аўқамлары президенти Хешам Аҳмед Фуад Аҳмедке де «Өзбекстан  Кәсиплик аўқамлары федерациясы лауреаты» сыйлығы тапсырылды.

Бизге белгили, мәмлекетимиз басшысының басламасы менен «Ҳаял-қызлар дәптери» системасы енгизилип, усы арқалы мүтәж шаңарақлар, ҳаял-қызлар ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланбақта. «Ҳаял-қызлар дәптери» системасы арқалы кейинги дәўир ишинде кәсиплик аўқамлары тәрепинен жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар, ҳәкимликлер менен  биргеликте  6,5 миллионнан аслам ҳаял-қыз бенен сәўбетлесиў өткерилип,  900 мыңға шамалас инсанның машқаласы унамлы шешилди. Ҳаял-қызларды  қоллап-қуўатлаў ҳәм машқалаларын шешиў мақсетлерине мәмлекет тәрепинен 1 триллион 951 миллиард сум қаржы қаратылды.

Кәсиплик аўқамлары федерациясы жанында шөлкемлестирилген 1211 «исеним телефоны»на ҳаял-қызлардан келип түскен  100 мыңға шамалас мүрәжат нәтийжели шешилди.

Бундай қайырлы жумысларға үлес қосып атырған ўатанласларымызды хошаметлеў мақсетинде Кәсиплик аўқамлары федерациясы тәрепинен пуқаралар жыйынларының баслықлары арасында «шаңарақ кесиминде» ислесиўде «Ең жақсы мәҳәлле баслығы», аймақлардағы  сектордың баслықлары арасында «мәҳәлле кесиминде» ҳәм «шаңарақ кесиминде» ислесиўде «Ең жақсы сектор басшысы», гендер сиясаты ҳәм мәмлекетемиздиң жәмийетлик-сиясий, экономикалық турмысында ҳаял-қызлардың ролин арттырыў бағдарындағы  жумысларды  үлгили шөлкемлестирген кәрхана басшылары арасында «Ең үлгили ҳаял жумыс бериўши», «Ҳаял-қызлар дәптери» арқалы жәрдем алып, жумыс  орнын жаратқан ҳәм мәҳәллесиндеги ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеген исбилермен ҳаял-қызлар арасында «Кәсиплик аўқамлары федерациясы лауреаты» сыйлығы ушын таңлаўлар өткерилди.

Салтанатлы илажда «Ең жақсы мәҳәлле баслығы», «Ең жақсы сектор басшысы», «Ең жақсы  үлгидеги ҳаял жумыс бериўши», «Кәсиплик аўқамлары федерациясы лауреаты»  таңлаўларында  биринши орынды қолға киргизген жеңимпазларға диплом ҳәм Президент саўғасы сыпатында  «Gentra» автомибили, екинши орынға ийе болған қатнасыўшыларға диплом ҳәм Президент саўғасы сыпатында «Cobalt» автомибили, үшинши орын ийелерине диплом ҳәм Президент саўғасы сыпатында «Spark» автомибили гилтлери тапсырылды.

Жеңимпазларға сыйлықларды Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының  Баслығы Танзила Норбоева және Кәсиплик аўқамлары федерациясының баслығы Қудратилла Рафиқов тапсырды.

Салтанатлы илаждың гезектеги сыйлықланыўшысы Кәсиплик аўқамлары федерациясы қарамағындағы Республикалық қәнигелестирилген комплексли балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби аўыр атлетика бөлиминиң тренери, Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен спорт устазы, «Шуҳрат» медалының ийеси Фарҳод Мирзажонов болды. Оған Президентимиздиң  арнаўлы  саўғасы сыпатында «Malibu» автомашинасы тапсырылды.

– Жумысым даўамында континент ҳәм жәҳән чемпионатлары, Олимпиада жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелерин таярлаўға миясар болды, – деди Ф.Мирзажонов. – Негизинде, қәбилетли жаслар менен ислесиў тренер ушын да үлкен руўхый хошамет, қуўат береди. Келеси Олимпиада ойынлары  ушын да спортшыларды таярлаўды нийет еткенмен.

Илаж шеңберинде концерт бағдарламасы көрсетилди.

Салтанатлы илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Шоазим Миноваров қатнасты.

 

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы