Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм спорт бас басқармасы, Германияның бирге ислесиў шөлкеми (GIZ) ҳәм Шымбай районы ҳәкимлиги менен биргеликте республикамызда туризм тараўын муўапықластырыў Кеңеси жумысшы топарының этнотуризмди раўажландырыў бойынша ушырасыўы болып өтти.
Атап өтилгениндей, Германияның бирге ислесиў шөлкеми (GIZ) тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм спорт бас басқармасы менен биргеликте республикамыздың туристлик потенциалын үгит-нәсиятлаў, аймақта турақлы туризмди раўажландырыў бойынша бир қатар жойбарлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Ташкент халықаралық туризм көргизбеси ушын Аралбойының туристлик брошюрасы ислеп шығылды ҳәм басып шығарылды. Сондай-ақ, аймағымыздағы 36 туристлик объект бойынша инфобордлар (мағлыўмат тахташалары), жергиликли дәстүрий өнерментлер ҳаққында видеороликлер, туристлик карта таярланды. Туризм тараўында жумыс алып барып атырған мәмлекетлик ҳәм жеке меншик кәрханалардың ўәкиллери ушын семинар-тренинглер шөлкемлестирилмекте.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 2-августтағы Туризм инфраструктурасын жақсылаў протоколында Шымбай районында Туризм объектлерин шөлкемлестириў, атап айтқанда, өнерментлер имаратын қайта оңлаў ҳәм шайырлар қыябанын шөлкемлестириў ушын республика бюджетинен жәми 4 миллиард сумнан зыят қаржы ажыратылды. Бүгинги күни «Modern plyus» шаңарақлық кәрханасы тәрепинен усы объектлердиң жойбары ислеп шығылмақта.
Шымбай академиялық лицейинде усы мәселеде болып өткен ушырасыўда қурылысы режелестирилген этнокомплекс ҳәм миллий қара үйлер устаханасының жойбарлары таныстырылды. Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм спорт бас басқармасы, Германияның бирге ислесиў шөлкеми (GIZ) «ЭCО-A4AL» жойбарының ўәкиллери, жергиликли өнерментлер бул объектлердиң қурылысы бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.
Күнниң екинши ярымында туризм тараўын муўапықластырыў Кеңеси жумысшы топарының ағзалары ҳәм илаж қатнасыўшылары райондағы режелестирилген объектлердиң қурылыс майданшалары менен танысты.
-Соңғы жыллары халқымыздың өзине тән қәдириятларынан бири есапланған қара үйге болған қызығыўшылық қайта тикленбекте,-дейди тәжирийбели үйши Абатбай Тәжиқулов.-Әкемнен мийрас болып қалған усы кәсип пенен 1976-жылдан берли шуғылланып киятырман. Мениң бул исимди балаларым даўам етпекте. Бүгинги күни районымызда қара үй таярлайтуғын усталар, яғный үйшилер саны көбейип бармақта. Шымбайлы усталар тәрепинен таярланған қыста ыссы, жаз айларында салқын, бир орыннан екинши орынға көширип қурыў жүдә қолайлы есапланған қара үйлер тек елимиз ўәлаятларына жеткерип берилместен, Бирлескен Араб Әмирликлери, Россия Федерациясы, Қазақстан сыяқлы мәмлекетлерге экспорт етилмекте.
Илаж қатнасыўшылары елимиз бойлап өткерилип атырған «Әҳмийетли 40 күнлик» илажы шеңберинде райондағы терек нәллерин егиў ислерине қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
М.ҲӘБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери