MediaNet Халықаралық журналистлер орайы ҳәмде DW Akademie медианы раўажландырыў халықаралық шөлкеми менен биргеликте Германия Федерал сыртқы иcлер министрлиги (Auswärtiges Amt) қаржылай көмегинде әмелге асырылған“Орайлық Азияда экологиялық мәселелерди трансшегаралық сәўлелендириўге көмек” жойбары шеңберинде өзбекстанлы, тәжикстанлы бир топар журналистлер ҳәм экологлар Арал теңизи жағалаўлары және Үстирт бойлап саяхат етти.
Экспедициямыздың биринши күни 2017-жылда реконструкция етилген Мойнақ каналы болды. Секундына 44 куб метр суўды өткериў имканиятына ийе канал биз барғанда қуўрап атырған еди. Суў тамтарыслығы Мойнақ халқын быйыл да сынап атырғанының белгиси еди бул. Бул көринистен кеўлимиз бираз шөккен болса да Мойнақ районы орайындағы жана өзгерислер кейпиятымызды бираз көтерди.
Ҳәзир район орайында жаңа 245 орынлы мәденият үйи, 1000 орынлы стадион ҳәм 800 орынлы амфитеатр халыққа хызмет көрсетип атыр. Кейинги 5 жыл ишинде районда «Балықтан 99 түрли тағам», «Стихия», «Мойнақ ралли тур» сыяқлы халықаралық белгили илажлар өткерилиўи дәстүрге айланып атыр. Буннан 27 жыл алдын жумысы тоқтап қалған Мойнақ аэропорты қайта реконструкция етилип, енди Халықаралық аэропорт статусын алмақта.
Арал теңизиниң қурыған ултанындағы алып барылып атырған жумыслар да әсирлик әҳмийетке ийе.
Мағлыўматларға көре, Арал теңизиниң қурыған майданын тоғайлыққа айландырыў ушын 2018-2021-жыллар даўамында 1 миллион 567 мың гектар майданға сексеўил, жыңғыл, қарабарақ ҳәм шөлге шыдамлы басқа өсимликлер егилди. Әсирлер даўамында орынланыўы мүмкин болған жумыслар,енди 4-5 жылда жуўмағына жеткизилиўи режелестирилген.
2021-жыл 18-май күни БМШ Бас Ассамблеясы Президент Шавкат Мирзиёевтың басламасын қоллап-қуўатлаған ҳалда Арал машқаласын жумсартыў мақсетинде Аралбойы регионын екологиялық инновация ҳәм технологиялар аймағы, деп жәриялаў бойынша арнаўлы резолюция қабыллады, БМШ қасында Арал теңизи регионында Инсан қәўипсизлиги бойынша Траст фонды иске түсирилди.
Әпсанаўий консерва заводы қайта иске түсти, бирақ…
Мойнақта биз әпсанаўий, бир пайытлар бул жердиң брендине айланған консерва заводының қайта тикленген имаратына сапар еттик. Жақында пайдаланыўға тапсырылған консерва заводы халықтың қуўанышына айланды. Мәмлекет бюджети есабынан 25 миллиард сум есесине қурылған балықты қайта ислеў ҳәм консервалаў заводы иске түсирилиўи менен, кәрханада жылына 3 мың 650 тонна балық қайта исленип, нәтийжеде 9 миллион дана балық консервасы, 780 тонна балық фаршы, 400 тонна балық филеси ҳәм 200 тоннақақланған балық таярлаў мүмкиншилиги пайда болды. Заводта 1000 тонна балық өнимлерин сақлаў ушын музлатқышлы қоймахана қурылды. Соның менен бирге, жойбар иске түсирилиўи менен 60 жаңа жумыс орны жаратылды. Деген менен, бул процесс көпке созылмады. Биз кәрханаға кирип барған ўақтымызда бул жер ҳүўлеп атырған еди. Директордан басқа адам жоқ.
Директордың сөзине қарағанда, кәрхананың ислемей турғаны себеби көллерде суў жоқ. Тәбийий жағдай, суў жоқ болса, балық та болмайды.
Қайдасаң, Арал?!
Мойнақтан шығып, Арал теңизи таман Үстирт арқалы жолға түстик.
Өткен әсирдиң 90-жыллары басларына шекем Мойнақ қаласының түбине шекем келип турған Арал теңизи суўларының бүгин жағысын 200 кмге таслап кеткенине исениў қыйын.
Бизиң келеси сапарымыз Арал теңизиниң суўы сақланып қалған батыс бөлеги болды. Баратуғын мәнзилимизди Ақтумсық деп атайды. Ол жерде шет елли ҳәм жергиликли туристлерди қабыл етиў ушын исбилерменлер тәрепинен қарүйлер тигилген ҳәм жетерли шәраятлар жасалған. Жол бойы бир-биринен сулыў Үстирт каньонларын, чинклерин тамашалап келдик.
Арал теңизиниң суўы сақланып қалған аймақты көзден өткерер екенбиз, буннан онлаған жылдан кейин теңизден пүткиллей көз жазып қалыўымызға исенимимиз кәмил болды. Себеби, теңиз суўлары шорлылығы артып, ҳәр жылы бирнеше метрге жағадан қашықласып баратыр.
Ҳәзир бул жерде суўдың дузлылығы 1 литрге 180 граммды қурайды. Тиришиликтен тек артемия ғана жасайды.
Биз барған ўақтымызда артемия аўлаўшылар теңиз жағасында көплеп ушырасты. Хош, артемияны не ушын аўлайды, улыўма артемия не ол өзи?
Аралда жасайтуғын артемия ҳаққында
Артемия – Арал теңизинде аман қалған жалғыз зоопланктон болып табылады. Оның биз билген ҳәм билмеген қәсийетлери көп. Мысалы, оның бойы бар-жоғы 15 мм болып, 1 айдан 6 айға шекем жасаўы мүмкин. Артемия орташа 30 күн ишинде өзинен туқым шашыў мүмкиншилигине ийе болады.
Артемия тийкарынан сентябрь-март айларында аўланады. Бунда тийкарынан артемияның өзи емес, ол шашқан туқым (циста) жыйнап алынады. Жанзат суўдың дузлылық муғдары 10 граммнан 300 граммға шекемги болған шор суўда жасайды ҳәм көрсеткиш 300 граммнан артып кеткенде олар да набыт болады. Әйне пайытта Арал теңизиндеги дузлылық муғдары 180 граммды қурайды. Бул болса, артемия ушын жүдә қолайлы муғдар.
Артемиялардың өзи болса температура +7 градустан төменге түскенде қырылып кетеди. Буннан соң тек ғана туқымлары жасап қалады. Артемия туқымларын гүз-қыс айларында жыйнап алыўдан мақсет әне, усы салқын күнлерде артемия туқымының қабыршағы тәбийғый түрде қалыңласады. Усы туқымларды қайта ислеў ҳәм сақлаў мүмкин. Билесиз бе, бир артемия 15-150 данаға шекем туқым шашады. Әлбетте, бунда оның азықланған азығына да итибар қаратылады. Артемиялар тийкарынан фитопланктонлар менен азықланады.
Артемия уўылдырықларын жыйнаў ушын квоталар 16-июннен 31-март аралығында бериледи. 1-апрелден 15-июньға шекемги аралықта болса оларды аўлаў нызамлы түрде қадаған етилген. Себеби, усы аралықта туқым жарылып, артемиялар көбейе баслайды. Ҳаўа райы жылып, үлкемизге бәҳәр кирип келиўи менен артемиялар көбейеди.
Артемия туқымлары суўдың бетине қалқып шыққаннан соң, қуяш нуры менен жарылады. Егер, ол суў түбине шөгип кетсе, салқын жерде жыл бойы жата бериўи мүмкин.
Ҳәзирги күнде 1 кг артемия цистасына рухсатнама алыў ушын төлем баҳасы 24 мың 500 сум (2,3 доллар). Исбилерменлер сырт елге бир килограмын 8-10 доллар әтирапында сатады, яғный олар 4-5 есе қымбатына пуллайды.
2009-жылда Арал теңизинде артемия аўлаў менен тек бир кәрхана жумыс алып барған. Олардың саны 2018-жылға келип 23 ке жетти, ал 2020-жылда болса усы бизнес пенен 40 исбилермен шуғылланды.
2020-жылда 2000 тоннадан аслам артемия туқымларын жыйнап алыў ушын исбилерменлер мәмлекетимиз бюджетине 22 млрд 300 млн сум төлеген. Усы пуллардың 60 проценти тәбиятты қорғаў бойынша илажларға жумсалатуғын жергиликли (Мойнақ районы) бюджетке, ал 40 проценти болса, Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитетиниң арнаўлы есап бетине түседи.
Қәнигелердиң билдириўинше, Аралдың ҳәзирги күнде сақланып қалған бөлегинде жасайтуғын артемиялар Өзбекстан экономикасында жаңа, инновациялық тараў болып табылады. Усы жанзаттан алынатуғын өним Аралбойы регионында жаңа жумыс орынларын жаратыў, бюджет дәраматларын сезилерли дәрежеде арттырыў ҳәм аймақтың экспорт потенциалын көтериў бойынша бир қатар социаллық-экономикалық мәселелерге шешим болып келмекте.
Дүнья тәжирийбесинде артемия цисталары (туқымлары) тийкарында алынған өнимлер 5 тараўда, яғный аквакультурада, агросаноат комплексинде, фармацевтика, медицина ҳәм косметологияда кең қолланылады.
Артемия цисталарынан таярланған өнимлердиң дерлик 90 проценти аквакультура тараўында ислетиледи. Себеби, усы баҳалы өнимниң қурамы жоқары муғдардағы протеин, аминкислотасы ҳәм витаминлерге жүдә бай. Баҳалы ҳәм аўланатуғын балықлар және қысқышбақаға уқсас түрлерин кɵбейтиўде оны басланғыш азық сыпатында пайдаланады.
Сондай-ақ, усы өнимди қусшылықта да жоқары дәрежеде белокқа тойынған қосымша азық сыпатында пайдаланады. Артемия цистасынан азықланған қустың иммунитети беккемленеди, өсиўи тезлеседи. Улыўма артемия аўыл хожалығы тараўында ҳайўанлардың биоактив қосымша азықлығы, ветеринар дәри қуралы сыпатында және микробиологиялық процесслерди активлестириўде кең қолланылады.
Фармацевтика, медицина тараўында артемия цистасы байытылған азықлық ɵним сыпатында да белгили. Оннан эндокрин ҳәм қан-тамыр системасы кеселликлериниң алдын алыўда, азықланыўда биологиялық актив қосымша сыпатында, сондай-ақ, нуклеин кислотасы, йод дәреги, канцерегон кеселликлерди емлеўде ракқа қарсы дәри сыпатында да қолланылады.
Артемия цистасының және бир ɵзгешелиги ол териниң иммунитетин тәбийғый түрде беккемлейди, қоршаған орталықтағы агрессив тәсирлерден қорғайды, териниң қайта тиклениўин жеделлестиреди (стимул), Ультрафиолет нурлардан сақлайды, токсинлерди қуўып шығарады, тери реңин жақсылайды ҳәм суў-липид теңсалмақлылығын сақлайды. Сонлықтан усы өним пүткил дүньяда, тийкарынан раўажланған шығыс мәмлекетлерде косметология тараўында баҳасы жоқ өним болып табылады.
Арал артемияларын аўлаў болса 2000-жыллардан басланды. Бул пайытта Арал шығыс ҳәм батыс бɵлеклерге бөлингени менен еле бирден-бир ҳәўиз еди. Теңиздиң шығыс бөлегинде суў азайып, оның дузлылық муғдары 180 грамм литрди қурап, ол артемия популяциясының раўажланыўы ушын қолайлы шараят жаратты. Әмиўдәрья суўының да шығыс тәрептен келип турғаны ушын артемияның азықлық дәреги де жеткиликли болды. Батыс бөлегинде болса сол ўақытта суўдың дузлылық муғдары 80 грамм литрге тең еди. 2006-жылда Аралдың шығыс бөлеги қурып питти ҳәм бирнеше жыллардан соң бул жумыслар батыста даўам еттирилди.
Арал артемиясын өзлестириўдиң “екинши басқышы” 2009-жылда басланды. Әне, усы ўақытларда Батыс бөлимниң дузлылық дәрежеси 100 грамм литрден артты.
Сулыў Судочье
Теңиз ҳәсиретиниң қаншелли үлкен екенлигин жол бойы көрип бардық. Бизиң Судочье көлине сапарымыз да тәсирлерге бай болды. Судочье көли ҳәзирде мәмлекетлик буйыртпа қорықханасына айланған. Өзбекстан Республикасы Министлер Кабинетиниң 2021-жыл 8-февраль күни «Қарақалпақстан Республикасында «Судочье-Акбеткей» мәмлекетлик буйыртпа қорықханасын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы 58-санлы қарары қабыл етилди.
Бул қарардан мақсет Мойнақ районында айрықша экологиялық әҳмийетке ийе болған тәбийий объектлер ҳәм комплекслерди, ҳайўанлардың сийрек гезлесетуғын түрлерин сақлап қалыў ҳәмде оларды қайта тиклеў. Буйыртпа қорықхананың улыўма майданы 280 мың 507 гектар.
«Судочье көллер системасы» участкасында нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте балық аўлаўға, көлдеги гидрологиялық ҳалатты жақсылаў мақсетинде көл түбин тазалаў илажларына ҳәмде квота тийкарында қамыс өсимлигинен пайдаланыўға рухсат етиледи.
Улыўма майданы 50 мың гектардан асатуғын Судочье көллер системасында 230ден артық түрдеги көшпели ҳәм турақлы жасаўшы қуслар бар. Олардың арасынан фламинго қуслар топарын да ушыратыў мүмкин.
Судочье көллер системасында Өзбекстан Республикасының Қызыл китабына кирген 40 түрдеги қуслардың 30 түри, Тәбиятты қорғаў Халықаралық шөлкеминиң «Жоқ болып кетиў қәўпи астындағы түрлердиң Қызыл дизими»не киритилген 24 түрдеги қустың 18 түри жасайды.
Барсакелмес – барсаң келе алмайсаң ба?
Саяхатымыз даўамында Үстирттеги 21-релейка деп аталатуғын метеорологиялық станция жумысы менен де таныстық, соң Судочье көли арқалы Барсакелмес дуз кәнине де ат басын тиредик.
Барсакелмес дуз кәни елимиздиң сулыў мәнзиллеринен бири. Узынлығы 90 кмге, ени 50 кмге шекем созылып атырған бийпаян ақ дуз салтанаты адамды өзине айрықша тартып алады.
«Барсакелмес» дуз кәни «Қоңырат сода заводы» унитар кәрханасын тийкарғы шийки зат пенен турақлы түрде тәмийинлеп турған орын саналады. Тарийхый дәреклерге қарағанда, Арал теңизиниң арқа-батыс тәрепиндеги бул кән буннан 30 миллион жыл бурын қурып кеткен Тэтис көлиниң ултаны болып есапланады. Заводтан 53 километр узақта жайласқан кән бүгинги күни улыўма 110 мың квадрат метр майданды ийелейди.
Елимиздиң усындай сулыў, бийтәкирар орынлары бар екенлиги мени және бир мәрте ҳайран қалдырды. Деген менен, Арал теңизиниң апатшылығы бул ортадағы барлық экосистеманы изден шығарды. Мәселен, Үстирттиң үстинде өсимликлер дүньясы деградацияға ушыраған. Ақыбетинде ҳайўанатлар дүньясы да кемейип кеткен. Қурғақшылық жылдан-жылға күшейип бармақта. Инсаният өз қолы менен жаратып атырған апатшылық ақыбетлерин татпақта. Бул бизге үлкен сабақ. Тәбиятты сақлаў, суўды үнемлеў, ҳаўаны таза услаў бәршемиздиң уллы мақсетимизге айланбағы дәркар.
Еслетип өтемиз, Арал теңизи жағалаўлары ҳәм Үстирт бойлап экспедиция MediaNet Халықаралық журналистлер орайы ҳәмде DW Akademie медианы раўажландырыў халықаралық шөлкеми менен биргеликте Германия Федерал сыртқы иcлер министрлиги (Auswärtiges Amt) қаржылай көмегинде әмелге асырылған“Орайлық Азияда экологиялық мәселелерди трансшегаралық сәўлелендириўге көмек” жойбары шеңберинде әмелге асырылды.
Амангелди Мамбетназаров.