Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң отыз жыллығына бағышланған салтанатлы мәжилис болып өтти.

Өзбекстан ҳәм Қарақлпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов шығып сөйлеп, ишки ислер уйымларының хызметкерлерин кәсиплик байрамы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң атынан қызғын қутлықлады.

Байрам мүнәсибети менен бир топар ишки ислер уйымларының хызметкерлери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен ҳүрметли атақ ҳәм көкирек белгилери менен сыйлықланған еди. Республикамыз басшысы усы ҳүрметли атақлар менен көкирек белгилерин өз ийелерине тапсырды.

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирханов шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында елимизде жынаятшылыққа қарсы гүресиў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, профилактикалық илажлардың нәтийжелилигин арттырыў, ҳуқық қорғаў уйымларының жәмийетшилик пенен бирге ислесиўин жетилистириўдиң әҳмийетине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, елимиз өз ғәрезсизлигине ерискен жылдан баслап халқымыздың тынышлығын сақлаў ҳәм абадан турмысында нызам үстинлигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылып келинбекте. Әсиресе, соңғы жыллары  Президентимиздиң басшылығында жүз берип атырған сиясий, социаллық-экономикалық өзгерислер барлық тараўлар сыяқлы ишки ислер уйымларында да жәмийетлик тәртипти сақлаў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў, жынаятшылыққа қарсы гүресиўде унамлы нәтийжесин бермекте.  Бунда тараў хызметкерлери алдына жынаятшылықтың ерте алдын алыў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленди.

Өзбекстан Республикасының  2006-жыл 6-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасы Ишки ислер уйымлары хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында»ғы Нызамына муўапық  ҳәр жылы 25-октябрь Ишки ислер уйымлары хызметкерлери күни сыпатында кең түрде белгиленип келинбекте.

Соңғы 5 жыл даўамында Ишки ислер уйымларының материаллық-техникалық  базасы түп-тийкарынан жақсыланды, жынаятшылықтың алдын алыўда жаңаша система жаратылды. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер уйымларында хызмет етип атырған турақ жайға мүтәж 155 хызметкерге узақ мүддетли, жеңиллетилген кредит тийкарында турақ жай қурып питкерилди ҳәм өз ийелерине тапсырылды. Бүгинги күни 363 профилактика  инспекторы хызмет үйлери,  276 профилактика инспекторы «Матиз» автомашинасы менен тәмийинленди. Буннан тысқары, 220 хызметкердиң ижара пулы төлеп берилди. Ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң сапалы хызмет алып барыўлары ушын соңғы үш жыл даўамында 118 заманагөй хызмет автомашинасы берилди.

Президентимиз Ишки ислер уйымларының кәсиплик байрамы мүнәсибети менен тараў  хызметкерлери ҳәм ветеранларына жоллаған байрам қутлықлаўында «Мен Жаңа Өзбекстанның ишки ислер уйымларының хызметкерлери – Ўатанымыздың ҳақыйқый перзентлери сыпатында заманагөй билимлерди ийелеген, руўхый-ағартыўшылық дүньясы бай, ҳәр қандай қәўип-қәтерге қарсы мәртлик пенен гүресиўге таяр халқымыздың шын мәнисиндеги қорғаўшылары  екениңизге беккем исенемен»-деген пикирлери тараў хызметкерлерин рухландырды, десек асыра айтқан болмаймыз.

Ишки ислер уйымлары хызметкерлери күни  мүнәсибети менен бир топар хызметкерлер Президентимиздиң пәрманы менен мәмлекетимиздиң ишки ислер уйымларындағы көп жыллық нәтийжели мийнети, елимизде жәмийет қәўипсизлигин, халқымыздың тынышлығын тәмийинлеў, тынышлық ҳәм турақлылықты беккемлеўге қосқан мүнәсип үлеси, жынаятшылыққа қарсы гүресиў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы нәтийжелилигин арттырыў, пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлери, нызамлы мәплерин қорғаў жолындағы үлгили жумысы, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң отыз жыллығы мүнәсибети менен сыйлықланған еди. Олардың арасында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң хызметкерлери де бар. Атап айтқанда, Нөкис районы ишки ислер бөлиминиң баслығы Салават Казбеков «Мардлик» ордени, Ишки ислер министрлиги жанындағы Тергеў басқармасының аға тергеўшиси Бахадир Узақбаев «Дўстлик» ордени менен сыйлықланды. Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң буйрығы менен   3 хызметкер «Аъло хизматлари учун», 26 хызметкер I, II, III-дәрежели «Бенуқсон хизматлари учун» көкирек белгиси, 3 хызметкер  Ҳүрмет жарлығы, 4 хызметкер естелик қол сааты, 176 хызметкер ҳәм 24 ветеран «Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң 30 жыллығы»көкирек белгиси  менен сыйлықланды.

Илажда жынаятшылыққа қарсы гүресиў, ҳуқықбузарлықтың алдын алыў, жәмийетлик тәртипти сақлаўда пидайылық көрсеткен хызметкерлерге, таңлаў жеңимпазларына сыйлықлар, арнаўлы шенлер, тараў ветеранларына, хызмет ўазыйпасын атқарыў ўақтында қайтыс болған хызметкерлердиң шаңарақ ағзаларына саўғалары тапсырылды.

Қатнасыўшыларға республикамыз көркем өнер шеберлери ҳәм министрликтиң «Арал жулдызлары» ансамбли ағзаларының атқарыўындағы байрам концерти қойып берилди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери