Қытайлы онколог илимпазлар рак кеселлигин токсоплазма паразити жәрдеминде емлеў усылын тапты. Бул ҳаққында «Journal for ImmunoTherapy Cancer» басылымы жәриялады.

Онда айтылыўынша, бул паразит үй ийеси клеткаларында жасайды ҳәм өзинен көп муғдарда инсан иммунитетин қорғайтуғын белоклар шығарады.

Тәжирийбе даўамында паразиттиң мутант штаммы инъекция қурамында тышқанлардың рак клеткаларына иммун реакциясын қозғалтпай киргизилди. Буннан кейин неоплазмалардың өсиў процеси төменлеп, кемириўшилердиң аман қалыў дәрежесиниң артқаны бақланды.

Шыпакерлер бул усыл простата раги ҳәм балаларда ушырасатуғын көплеген өсимте кеселликлерин емлеўде қолайлы болыўы мүмкин екенлигине үмит етпекте.

Еслетип өтемиз, алдын АҚШтың Массачусетс технология институтының илимпазлары химия терапиясы ҳәм иммунотерапия комбинациясы тийкарында ракти емлеў жолын тапқан еди. Оған бола, жарақатланған ҳәм алып тасланған ҳәм кейин өсимте ишине қайта киргизилген рак клеткалары иммунитет системасын жеделлестириўге хызмет етиўи мүмкин.

 

Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң

Баспасөз хызмети.