Усы жыл 6-ноябрь күни Өзбекстан жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң басламасы менен «Таза қала» атамасында ғалабалық абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў акциясы болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында усы жылдың 2-ноябри күни жаңа массивлер қурыў ҳәм жасыл майданларды кеңейтиў илажларына бағышланып болып өткен видеоселектор мәжилисинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, халықтың, әсиресе, жаслардың экологиялық мәдениятын арттырыў, қоршаған орталыққа болған дыққат-итибарын күшейтиў, ана тәбиятты келешек әўлад ушын сақлаў, экологиялық жағдайды жақсылаў ҳәм қоршаған орталыққа унамсыз тәсирин азайтыў мақсетинде «Жасыл мәкан» улыўма миллий ҳәрекети шеңберинде өткерилген акцияда дәслеп жаслар жетекшилери менен белсендилерден дүзилген жумысшы топар тәрепинен Нөкис қаласындағы абаданластырыў талап етилетуғын 27 объект анықланды. Онда 2 мыңнан аслам кеўилли жастан ибарат 38 отряд тәрепинен тийисли объектлерде, мәкан пуқаралар жыйынлары аймақларында ғалабалық абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары алып барылды. Нәтийжеде министрликлер, кәрхана, мәкеме, шөлкемлер, кеўилли жаслар тәрепинен 45 ке шамалас майдан абаданластырылып, 35 тонна қурылыс ҳәм турмыслық шығынды алып тасланды. Тазаланған аймақларда 3 мыңнан зыят саяманлы терек нәли егилди.
Сондай-ақ, «Нуранийлар қәдирлеўимизде» акциясы шеңберинде 30 кеўилли жастан ибарат 3 патронаж жаслар отряды шөлкемлестирилди. Олар тәрепинен имканияты шекленген, жалғыз баслы пуқаралар медициналық тексериўден өткерилип, үй қапталы қыйтақ жерлери абаданластырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги