Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 2021-жыл 2-ноябрьде Халықты сапалы турақ жай менен тәмийинлеў, «Жаңа Өзбекстан» массивлерин пайда етиў, қала ҳәм район орайлары және елатлы пунктлерде экологиялық жағдай ҳәм ҳаўаның тазалығын жақсылаў мақсетинде «Жасыл мәкан» улыўма миллий бағдарламасын әмелге асырыў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти ҳәм онда 2-ноябрьден 10-декабрьге шекемги аралықта елимизде терек егиў бойынша «Әҳмийетли 40 күнлик» акциясы жәрияланды.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Елимизде «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәкан» бағдарламасы тийкарында халықтың жасаў орынларындағы көринислер жаңаланып, пуқаралардың турмыс тәризи өзгерип, шаңарақлардағы абаданлық күннен-күнге артып бармақта.

Соны умытпаўымыз керек, бүгинги тыныш ҳәм абадан турмысымызды қәстерлеп сақлаў, қала ҳәм аўылларымыздың шырайына-шырай қосыў ҳәр бир пуқараның өз қолында. Себеби, әтираптың тазалығын, ҳаўаның азадалығын бизге ҳеш ким шеттен келип жаратып бермейди. Оны өзимиз, өз мийнетимиз бенен жаратсақ, анық айтқанда, ҳәр биримиз өз мәканымыз, көше ҳәм шаңарағымыздың таза, пайызлы болыўы ушын мәҳәлле ҳәм шаңарағымыздың әтирапына терек егип үлесимизди қоссақ ғана мақсетке жетисемиз.

Бул бойынша шаңарақ ийелерине мәсләҳәтлер бериў, жол-жоба көрсетиўде пуқаралар жыйынларының белсендилери, көпти көрген кексе ата-апаларымыз, ҳаял-қызларымыз ҳәм белсенди жаслардың орны әҳмийетли.

Қәдирли заманласлар!

Елимизде жәрияланған 2-ноябрьден 10-декабрьге шекем терек егиў бойынша «Әҳмийетли 40 күнлик» акциясы шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги тәрепинен «Мен 10 түп терек егиў арқалы тәбиятты қорғаўға өз үлесимди қосаман!» сүрени алға қойылды.

Усы сүрен тийкарында ҳәр бир пуқара өз үйиниң әтирапына 10 түп терек егиўи арқалы өз шаңарағымызды абат етиў бойынша алып барып атырған жумысларымыз, үлгили басламаларымыз ҳәм жанкүйерлигимиз бенен жасаў орнымызда перзентлеримизге, мәканымызда жасаўшыларға ҳәм жасларға үлги болайық!

Жасайтуғын аймағымыздағы ҳәр бир шаңарақта терек егиў арқалы тәбиятты жақсылаў инсан өмирин жақсылаў сыяқлы жумысларды кең түрде үгит-нәсиятлайық!

Ең әҳмийетлиси, бүгинги имканиятлардан ҳәм шараятлардан нәтийжели пайдаланған ҳалда үй әтирапына, көше бойларына терек егиў арқалы тәбиятымызды жаңартыўға өз үлесимизди қосып, саламат турмыс тәризин жаңа басқышқа көтерейик!

Кексе ата-апаларымызды, ҳаял-қызларымызды, жасларымызды, «Әҳмийетли 40 күнлик»  акциясы шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги тәрепинен қоршаған орталығымызды жасыл аймаққа айландырыў мақсетинде алға қойылған «Мен 10 түп терек егиў арқалы тәбиятты қорғаўға өз үлесимди қосаман!» сүрени тийкарында ҳәр бир пуқара өз мәҳәллеси, үйи әтирапына 10 түп терек егиўде белсендилик көрсетиўге шақырамыз!

 

Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм

шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги