Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм оның бөлимлери «Әҳмийетли 40 күнлик» акциясына өз үлесин қоспақта.
Соның ишинде, Бюроның Хожели районлық бөлиминиң хызметкерлери райондағы 1-санлы Меҳрибанлық үйине келип, 20 дан аслам ыссы ҳәм суўсызлыққа шыдамлы болған ҳәр қыйлы саяманлы ҳәм мийўели дарақлар екти.
Буннан гөзленген мақсет хызметкерлердиң абаданластырыў ҳәм тазалық жумысларына мүнәсип үлеслерин қосып, миллий қәдирият ҳәм дәстүрлеримизде аўызбиршилик пенен қатнасыўдан ибарат.
Бундай илажлар басқа да аймақларда даўам етпекте.
Мафтуна КАРИМОВА, ӨзА