Мәмлекетимиз турмысындағы әҳмийетли жәмийетлик-сиясий процесс – Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы Жаңа Өзбекстанда халықаралық нормалар ҳәм стандартларға сәйкес Сайлаў кодексине тийкарланып, ашықлық, еркинлик ҳәм әдиллик сыяқлы улыўма тән алынған демократиялық принциплерге толық әмел етилген ҳалда, көтериңки руўхта өткерилди. Усындай нәтийжелерге бола, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында Шавкат Миромонович Мирзиёев сайлаўда қатнасқанлар улыўма санының 80,1 процент даўысы менен жеңиске ерискени жәрияланды. Мәмлекетимизде болып өткен бул әҳмийетли сиясий процесс тек ғана халқымыз емес, ал коңсы мәмлекетлер, халықаралық жәмийетшиликтиң дыққат орайында болды, десек, қәте болмайды.
Президент сайлаўында халқымыз тек мәмлекет басшылығын емес, ал Жаңа Өзбекстанымыздың келешегин де сайлады. Ел-журтымыздың келешеги ушын даўыс берди. Қалаберди, сайлаўда халқымыз өткен бес жыл даўамында әмелге асырылған кең көлемли ҳәм нәтийжели реформаларды мүнәсип баҳалады. Ўатанласларымыз Ҳәректелер стратегиясы шеңбериндеги жедел ҳәм демократиялық реформаларға ҳақыйқый баҳа берди. Бул даўыслар халқымыз өз турмысында сезген нәтийжелер ҳәм келешекке исеним ушын берилген, деп айтыў мүмкин. Себеби, соңғы бес жылда Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында кең көлемдеги жумыслар исленип, мәмлекетимиз турмысының барлық тараўларында үлкен өзгерислер болды. Яғный, ўатанласларымыз сайлаўда белсене қатнасқаны ҳәм даўыс бериўдей жуўапкершиикли жумысты шын жүректен орынлағаны халқымыз Ўатанымыздың келешек тәғдирин белгилеп алыўдай пуқаралық миннетине улыўма бийпарық емеслигинен айқын дәрек береди. Ең әҳмийетлиси, бундай жеделлик тек пайтахтымызда емес, ал барлық аймақларда ҳәм сырт мәмлекетлерде де бирдей сәўлеленди.
Пуқараларда сайлаўда «мениң даўысым әҳмийетли», деген көзқарас қәлиплескен. Демек, халқымыз өз келешегине, Ўатанды раўажландырыўға бийпарық емес. Мәселен, итибарымды тартқан тәрепи, социаллық тармақларда Қарақалпақстан Республикасы Әмиўдәрья районында 106 жастағы (1915-жылда туўылған) кексе нураний Парда Бекниёзова: «24-октябрь – мен ушын ҳақыйқый байрам. 107 жастың босағасында ҳалқымыз, ақлықларымыздың келешеги ушын өзим ең мүнәсип деп билген талабанға даўыс беремен!» деп атап өтиўи мәмлекетимиз және перзентлери ҳәм ақлық-шаўлықларының келешегине бийпарық емес екенлигинен дәрек береди (http://amunews.uz/news/7124). Сондай-ақ, Әндижандағы сайлаў участкасында 101 жасар Турсинхон Сирожиддиннова 81 жасар қызы менен бирге даўыс берди (https://t.me/xushnudbek/11872). Жуўмақлап айтқанда, Өзбекстанда алып барылып атырған реформалардың тийкарғы мақсети инсан, оның мүтәжликлери менен мәплерин тәмийинлеўден ибарат. Әсиресе, нәўқыран ҳәм кексе әўладқа шексиз ғамқорлық көрсетилип атырғанына жоқары баҳа берип, мәмлекетте демократиялық реформалардың барысын қоллап-қуўатлайтуғынын билдиреди.
Ең әҳмийетлиси, Президент сайлаўы жаңа Өзбекстанда жаңаша сайлаў дүньяқарасы қәлиплескенин айқын көрсетти. Жаңа Өзбекстан раўажланыў стратегиясы шеңберинде бүгин халқымыз өз алдына оғада үлкен шеклерди белгилеп алды. Усы ийигиликли жолда халқымызды бирлестирсек, ҳәммемиз бир жан, бир тән болып ҳәрекет етсек, гөзленген шеклерге, әлбетте, ерисемиз.
Мухтар ИБРАГИМОВ,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты,
ӨзЛиДеП фракциясының ағзасы,
Қарақалпақстан хабар агентлиги