Президент Шавкат Мирзиёев аймақлардағы қурылыс жумыслары, ири жойбарлар менен танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 12-октябрь күни Бухара ўәлаятында болды.

Мәмлекетимиз басшысы ўәлаятқа сапарын Баҳаўатдин Нақшбанд мақбарасын зыярат етиўден баслады.

Қуран оқылып, Алла тааладан халқымызға тынышлық-абаданлық тилеп пәтия оқылды.

Уламалар менен сөйлесиўде илимниң әҳмийети, жаслар тәрбиясы ҳаққында сөз болды.

-Бухара әзелден илим, мәнаўият орайы. Әййемнен бул жерде 30 дан аслам уллы медресе болған. Ҳеш жерден бунша көп улама шықпаған. Бүгин де жаслар тәрбиясында, жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық пенен гүресиўде Бухараның өз орны бар, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы зыярат орынларын ҳәм оларға алып баратуғын жолларды абат етиў, ишки туризмди раўажландырыў зәрүр екенлигин атап өтти.

– Зыярат халқымыздың ата-бабаларға болған ҳүрметин, жаслардың дүньяқарасын арттырыўға хызмет етеди. Соның ушын бул жерге басқа аймақлардан жаңа бағдарлар ашып, жасларды алып келиў, билимин арттырыў зәрүр,-деди Президент.

Шавкат Мирзиёев Алат районындағы «Мергантекс» жуўапкершилиги шекленген жәмийетин барып көрди.

Мәмлекетимиз басшысы  2017-жылы усы кәрхана тийкарында пахта-тоқымашылық кластерин дүзиў жойбары менен танысқан еди. Буннан соң оның жумысында түпкиликли бурылыс болды. 2018-2020-жыллары 22 миллион доллардан аслам инвестиция тартылып, Германия, Япония, АҚШ, Бельгия ҳәм Швейцариядан заманагөй үскенелер алып келинип орнатылды.

Бүгин кәрхана пахта шийки затын дәслепки қайта ислеўден таяр кийим-кеншек тигиўге шекемги барлық процесслерди қамтып алған үлкен кластерге айланды. Бул жерде 880 адам жумыс ислемекте. Кластер жылына 30 мың тонна пахта шийки затын қайта ислеў қуўатлылығына ийе. Өткен жылы бул жерде жәми 240 миллиард сумлық өним ислеп шығарылып, 6 миллион доллардан аслам экспорт етилген.

– Бул үлкен жумыслардың биринши нәтийжелери. Бирақ кәрханадағы басқышлар еле ақырғысы емес. Енди кейинги басқышларды өзлестирип, инновациялық технологияларды енгизип, қосымша қунлы өнимлерди көбейтиўге ҳәрекет етиў керек,-деди Шавкат Мирзиёев.

Келеси жылы кластерде тәбийғый ҳәм химиялық талшықтан кийимлер ислеп шығарыўды жолға қойыў режелестирилген. Баҳасы 25 миллион доллар болған усы жойбар нәтийжесинде экспорт көлеми 30 миллион долларға жетиўи, қосымша мың жумыс орнының ашылыўы мөлшерленген.

Мәмлекетимиз басшысына пахта жетистириўде қолланылып атырған инновациялық усыллар ҳаққында мағлыўмат берилди. Кластер тәрепинен  1 мың 200 гектар майданда тамшылатып суўғарыў енгизилген. Нәтийжеде суўды жумсаў азайып, жердиң өнимдарлығы артқан. Айырым фермер хожалықлары пахтадан 70 центнерге шекем зүрәәт алған. Бир түп ғаўашада 190 ға шекем гөрек болған.

Президент бундай нәтийжели жумысларды даўам еттириў, илим ҳәм әмелияттың өз-ара байланыслылығын тәмийинлеў, соның ишинде, сырт ел тәжирийбеси тийкарында жергиликли тамшылатып суўғарыў технологиясын ислеп шығарыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Шавкат Мирзиёев Қаракөл районында ўәлаят сайлаўшылары менен ушырасыў өткерди.

Буннан соң Қаракөл районындағы Халықаралық математика мектебиниң жумысы менен танысты.

Бул мәкеме 2009-жылы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектеби түринде шөлкемлестирилген. Ол жақын күнлерге шекем заманагөй шараятқа ийе емес еди. Бирақ бул жерде жолға қойылған өзине тән билимлендириў методикасы әпиўайы аўыл мектебин мәмлекет дәрежесиндеги белгили билимлендириў дәргайына айландырды. Ақырғы үш жылда мектеп питкериўшилериниң барлығы жоқары оқыў орынларына оқыўға кирди, халықаралық олимпиадалардан ең көп медаль алып келмекте. Мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан оқыўшылар келип оқымақта.

Бул билимлендириў дәргайы Министрлер Кабинетиниң  2019-жыл 9-августтағы қарары менен Халықаралық математика мектеби сыпатында қайта шөлкемлестирилди. Бурынғы кәсип-өнер колледжиниң имараты капитал оңланып, усы мектепке берилди. Бул жерде барлық шараятлар жаратылған. 64 хана, спорт заллары, китапхана заманагөй үскенеленген. Оқыўшылар ушын жатақхана қурылған.

Мектепке оқыўшылар экономика, техника ҳәм тәбийғый пәнлер бойынша Мәмлекетлик тест орайының тестлери тийкарында 7-класстан қабыл етиледи. Ҳәзир бул жерде  470 ул-қыз оқымақта. Оларға 60 тан аслам тәжирийбели муғаллимлер сабақ бермекте.

Мәмлекетимиз басшысы мектеп жәмәәти менен сәўбетлести.

– Барлық тараўларда үлкен реформаларды басладық. Сырт елден ең заманагөй технологияларды алып келип атырмыз. Олардан пайдаланыў ушын илимли, потенциаллы кадрлар керек. Сизлер қаншелли билимли болсаңыз, баслаған жумысларымыз нәтийжели болады, мәмлекетимиз сонша раўажланады. Билимлендириў ҳәм муғаллимлерге турақлы итибар қаратамыз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Бул жерде математика мектебиниң тәжирийбесин ғалаба ен жайдырыў, IT қәнигелер таярлаўға байланыслы жойбарлар таныстырылды.

Президент Шавкат Мирзиёев Қаракөл районындағы Хожалар мәҳәллесинде халықтың жасаў  тәризи менен танысты.

Мәҳәлле Қаракөл районының орайында жайласқан болып, 2 мың 800 ден аслам халық жасайды. Бул жерде көплеген саўда шақапшалары, тоқымашылық кәрханалары бар.

Мәмлекетимиз басшысы усы мәҳәлледе жасайтуғын Соҳиб Хўжамбердиевтиң шаңарағында мийман болды.

Шаңарақ баслығы исбилермен. Өмирлик жолдасы Дилоромхон менен еки перзентти тәрбиялап, камалға келтирген. Олар мәҳәлледеги үлгили шаңарақлардан. Қыйтақ жерден ҳәм киши ыссыханада палыз өнимлери жетистириледи. Шарўашылық ҳәм қусшылық хожалыққа берекет алып келеди.

Шаңарақ ийелери менен мәмлекетимиздеги тынышлық, бүгинги имканиятлар, реформалар нәтийжеси ҳаққында қызғын сәўбет болды.

Мәҳәлле нуранийлары елимизге қут-берекет ҳәм абаданлық тилеп пәтия етти.

Ромитан районындағы «Bukhara Desert Oasis» атамасындағы туризм орнында «Заковат» интеллектуаллық ойынының финаль басқышы болып өтти.

Бул жерге Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев барып, жарысты бақлады.

Финальда Хорезм ҳәм Наўайы ўәлаятының командалары ойнады. Жуўмағында хорезмлилер жеңимпаз болды.

Илаж соңында Президент Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.

– Сизлердиң мине усындай көтериңки кейпиятыңыз,  билимге умтылысыңыз ушын миннетдаршылық айтаман, – деди мәмлекет басшысы. – Биз кейинги жылларда билимлендириўге айрықша итибар қаратып, қарарлар қабыл етип атырмыз, китап оқыўды хошаметлегенимиздиң нәтийжесин бүгинги жасларда көрип қуўанаман. Мен сизлер менен мақтанаман!

Президент бул жарыстың Бухарада өтип атырғанына айрықша итибар берди. Бул жерден Имам Бухарий, Ибн Сино, Абдухолиқ Ғиждуваний, Баҳаўиддин Нақшбанд. Муҳаммед Наршахий, Абдурауф Фитрат сыяқлы, көплеген уллы илимпазлар, ағартыўшылар жетисип шыққанын атап өтип, ҳәзирги жаслар оларға мүнәсип мийрасхор болатуғынына исеним билдирди.

– Биз халқымызды разы етиў, инсан қәдири бәлент болған жәмийет қурыў жолын таңладық! Оған ерисиўде бизге ким тийкарғы сүйениш болады? Әлбетте, сиз сыяқлы билимли ҳәм ўатанын сүйетуғын жаслар, – деди Шавкат Мирзиёев.

Быйыл «Заковат» интеллектуаллық ойынының шөлкемлестирилгенине  20 жыл толды. Президент билимли жасларға шараят жаратыў ушын көплеген басламаларды билдирди. Бәринен бурын, мәмлекетимиз жасларындағы илимге умтылыс ҳәм интеллектуаллық потенциалды есапқа алып, «Заковат» ойынлары ғалабалық ағартыўшылық ҳәрекетке айландырылады.

Ҳәрекетти қаржылай қоллап-қуўатлаў ушын ҳәр жылы 50 миллиард сум қаржы ажыратылады. Ҳәр бир мектеп, ҳәр бир жоқары оқыў орнында «Заковат» клубы жумысы жолға қойылады. Жеңимпазлар ушын «Заковат» стипендиясы енгизиледи. Ташкентте өз алдына имарат ҳәм Интеллектуаллық ойынлар қалашасы қурылады. Ўәлаятларда болса «Интеллектуаллық парклер», Бостанлық районындағы Жаслар лагеринде «Интеллектуаллық мектеп» шөлкемлестириледи.

Жаңа жылдан баслап студент жаслар арасында биринши мәрте Президент сыйлығы ушын Интеллектуаллық олимпиада өткериледи. Дүнья тән алған илимпазлар, соның ишинде, Нобель сыйлығының ийелери менен ушырасыўлар өткерилип барылады.

Жас әўладтың интеллетуаллық потенциалын арттырыўға қаратылған компьютер ҳәм мобиль ойынларын жаратқан программистлерге арнаўлы грант ҳәм субсидиялар ажыратылады.

– Машақатлы мийнети арқалы арзыў-нийетлери әмелге асқан инсан – ең бахытлы инсан. Соның ушын бәрқулла жоқары шеклерге умтылың, ийгиликли мақсетиңиз ушын гүресиң. Бәрқулла оқың-үйрениң, өзиңизге исениң, ойлап табың, жаңалықлар жаратың, алға қарай исенимли қәдем таслаң, – деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимиздиң пәрманына муўапық, «Заковат» клубына тийкар салған Абдурасул Абдуллаев ҳәм финаль басқышының жеңимпазлары мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланды.

Мәмлекетимиз басшысы Бухараға сапарын жуўмақлап, Наўайы ўәлаятына жөнеп кетти.

 

Авазбек ХУДОЙҚУЛОВ,

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

ӨзАның хабаршылары