2020-жыл 23-июнь күни Министрлер Кабинети тәрепинен жоқары оқыў орынларына қосымша мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлери шеңберинде ҳаял-қызларға таңлаўда қатнасыў ушын усыныснама бериў ҳәм оларды оқыўға қабыллаўды шөлкемлестириў тәртиби ҳаққындағы реже қабыл етилген еди.
Усы режеге муўапық, быйылғы жылы Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы бойынша «Темир дәптер», «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген шаңарақлардың қыз перзентлери, сондай-ақ, «Жаслар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызлардан 2443 ине орнатылған тәртипте усыныснамалар берилген. Бул ҳаққында ҚР Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги хабар берди.
Олар арасынан 114 ҳаял-қыз жоқары оқыў орынлары бакалавриатының күндизги тәлим бағдарларына қосымша мәмлекетлик грант тийкарында студентликке қабыл етилген.
Усыныснама тийкарында студентликке қабыл етилген ҳаял-қызларды қала ҳәм районлар кесиминде алып қарайтуғын болсақ:
Нөкис қаласы – 20;
Әмиўдәрья районы – 8;
Беруний районы – 7;
Бозатаў районы – 5;
Кегейли районы – 6;
Қанлыкөл районы – 13;
Қараөзек районы – 2;
Қоңырат районы – 4;
Мойнақ районы – 4;
Нөкис районы – 6;
Тақыятас районы – 3;
Тахтакөпир районы – 3;
Төрткүл районы – 7;
Хожели районы – 7;
Шоманай районы – 1;
Шымбай районы – 14;
Елликқала районы – 4 студент болып табылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.