Алдын хабар берилгениндей, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Норбоева басшылығындағы делегация 21-сентябрь күни Қырғызстан Республикасына рәсмий сапар менен барған еди.
Сапар шеңберинде Олий Мажлис Сенаты Баслығы Қырғызстан Республикасы Президенти Садир Жапаров пенен ушырасты. Президент туўысқан өзбек ҳалқын мәмлекет ғәрезсизлигиниң 30 жылығы менен қутлықлады.
Тәреплер қатнасықдардың бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары, соның ишинде, парламентлераралық ҳәм мәмлекетлер арасындағы бирге ислесиўдиң ҳуқықый тийкарларын беккемлеў мәселелерин додалады.
Садир Жапаров дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық бирге ислесиў принциплерине тийкарланған Қырғызстан -Өзбекстан қатнасықлары жоқары дәрежеге жеткенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Еки мәмлекет басшыларының ашық ҳәм исенимли байланыслары Өзбекстан ҳәм Қырғызстан арасындағы дослық қатнасықларды беккемлеўдиң әҳмийетли тийкары екени атап өтилди.
Қырғызстан Республикасының басшысы Өзбекстанда Президент сайлаўын табыслы өткерип алыўды тилеп, Шавкат Мирзиёевтиң Орайлық Азияда бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған басламаларын толық қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.
Өзбекстанның гендер сиясатын әмелге асырыў, ҳаял-қызлардың ҳуқықларын тәмийинлеў бағдарындағы ҳәрекетлери, соның ишинде, «Орайлық Азия жетекши ҳаял-қызларының сөйлесиўи» басламасы жоқары баҳаланды. Усы күнлерде болып өтип атырған «Қырғызстан ҳәм Өзбекстан исбилермен ҳаял-қызлардың сөйлесиўи» бизнес-форумы да усылардың қатарына киреди.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Норбоева миймандослық ушын Қырғызстан тәрепине миннетдаршылық билдирди. Соның менен бирге, Норбоева Өзбекстан Республикасы Президентиниң қызғын қутлықлаўы ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди және Өзбекстан басшысы Қырғызстанда әмелге асырылып атырған реформаларды толық қоллап-қуўатлайтуғынын мәлим етти.
Сәўбетлесиў даўамында тәреплер жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыўдың ҳуқықый тийкарын беккемлеў ҳәм нәтийжели парламентлик қадағалаўды тәмийинлеў, еки мәмлекет регионлары арасындағы бирге ислесиўди көрип шықты.
Шегара аймақлары жергиликли муниципал Кенгашлариниң нәтийжели байланысларын жеделлестириўге қаратылған пармалментлераралық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм тереңлестириў, еки мәмлекет халқының кең қатламлары арасында тығыз мәдений-гуманитарлық қатнасықлар ҳәм сөйлесиў ушын барлық зәрүр шараятларды жаратыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, басқа мәселелер бойынша да пикир алысылды.
Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,
ӨзАның хабаршысы